Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қол урысы спорт түрин халық, әсиресе, жаслар, Қураллы Күшлер әскерий хызметкерлери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери арасында және де ғалаба ен жайдырыў, тараў ушын материаллық-техникалық базаны беккемлеў және маман кадрлар, тренерлер ҳәм төрешилер таярлаўға болған итибарды еле де күшейтиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

қол урысы бойынша 10 мыңнан аслам жаслар ҳәм әскерий хызметкерлер спорт шынығыўлары менен турақлы шуғылланып киятырғанлығы;

қол урысы бойынша 230 Өзбекстан спорт шеберлери ҳәм 60 Халықаралық категориядағы Өзбекстан спорт шеберлериниң жетилисип шыққанлығы;

қол урысы өзинде бокс, таэквондо, гүрес, каратэ, самбо, ушу сыяқлы спорт түрлерин жәмлегенлиги ҳәм кейинги  жыллары басқа да дәстүрий спорт түрлерине қарағанда ғалаба ен жайылып атырғанлығы;

Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы республикамыздың ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм «Динамо» денетәрбия спорт жәмийетиниң басламасы менен шөлкемлестирилгенлиги;

қол урысы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасында ҳәр жылы өткерилетуғын «Армия ойынлары» бағдарламасына киргизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Қол урысы спорт түрин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

қол урысы бойынша системалы түрде жарыслар өткериў және қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлаў (селекция);

қол урысын және де ғалаба ен жайдырыў, бул бойынша жасларды спорт клублары, секциялары ҳәм дөгереклерине кеңнен тартыў және сол арқалы спортшылардың жынаятларды ислеў ҳәм жынайый топарларға қосылып кетиўиниң алдын алыў;

қол урысы бойынша профессионал тренерлер, маман төрешилер ҳәм қәнигелерди таярлаў системасын раўажландырыў, оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығыў;

қол урысы менен шуғылланыў ушын зәрүр материаллық-техникалық база ҳәм инфраструктураны қәлиплестириў;

қол урысын да тийкарғы спорт түри сыпатында Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының физикалық таярлық шынығыўларына басқышпа-басқыш киргизиў;

қол урысын Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери және халықтың арасында, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети және Спортты раўажландырыў министрлигиниң 2023-жылдан баслап дәстүрий түрде қол урысы спорт түри бойынша:

ҳәр жылы Ташкент қаласында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған Қураллы Күшлер чемпионатын және өз хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қаҳарманлық ҳәм мәртлик көрсетип, қайтыс болған әскерий хызметкерлер естелигине бағышланған Еслеў турнирин шөлкемлестириў;

ҳәр жылы Наманган қаласында профессионал спортшылар арасында «Өзбекстан Республикасы Президенти кубоги» халықаралық турнирин өткериў;

ҳәр еки жылда бир мәрте Қарши, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында жаслар арасында «Әмир Темур кубоги» халықаралық турнирин өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы (Р.Джураев), Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

еки ай мүддетте усы қарардың 3-абзацында көрсетилген жарысларға пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын;

халықаралық турнирлерде жергиликли спортшылар менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған күшли халықаралық спортшылар, тренерлер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин;

жоқарыдағы жарыслар ҳәм турнирлерди өткериў процесин жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары және басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен жарытсын.

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Ибрагимов) жоқарыдағы жарыслар ҳәм турнирлерди туристлик маршрутлар объектлериниң дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартыў илажларын көрсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы (Р.Джураев):

үш ай мүддетте қол урысы бойынша тренерлер, төрешилер ҳәм қәнигелерди қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў режесин тастыйықласын ҳәм оның әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мектеплеринде қол урысы бойынша белгили ҳәм ветеран спортшылар ҳәм  тренерлердиң қатнасыўында семинар, тренинг, шеберлик сабақларын шөлкемлестирсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы менен биргеликте еки ай мүдетте:

а) ҳәр бир аймақтың бир район (қала)ында қол урысын тийкарғы спорт түри сыпатында белгилесин ҳәм оны раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша «жол карталар»ын ислеп шықсын. Онда, төмендегилер нәзерде тутылсын:

тийисли район (қала)да қол урысы бойынша спорт базаларын шөлкемлестириў ямаса барын усы спорт түрине қайтадан қәнигелестириў;

тийисли район (қала)да қол урысын ғалаба ен жайдырыў мақсетинде жергиликли бюджетлердиң қалдық ҳәм дәраматлар режесиниң арттырып орынланған бөлегинен қаржы қаратыў;

б) Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы аймақлық бөлимлериниң қаржы ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлессин;

в) орынлардағы басшы қадрлар арасынан талабанларды Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы аймақлық бөлимлериниң баслығы лаўазымына усыныс етип барсын.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиқов), Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) 2022-жылдың ақырына шекем Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясын ҳәкимшилик имарат пенен, сондай-ақ, қол урысы бойынша миллий сайланды команда ағзаларының оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў ушын спорт базасы менен бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында тәмийинлеў илажларын көрсин. Онда:

Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы тәрепинен спорт базаларына методикалық жәрдем көрсетиў;

Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы тәрепинен улыўмалық ҳәм арнаўлы физикалық таярлық, оқыў шынығыўларын ҳәм жарысларды өткериў ушын ашық түрдеги спорт майданы ҳәм спорт залларынан пайдаланыў белгилеп қойылсын.

  1. Қол урысы спорт түрин және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша қосымша мәнзилли илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Миллий гвардия (Р.Джураев), Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.Азизов), Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Кулдашев), Мәмлекетлик бажыхана комитети (А.Мавлонов) ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары бир ай мүдетте Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының физикалық таярлық шынығыўларына қол урысын киргизиў, сондай-ақ, система хызметкерлери арасында усы спорт түрин кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша «жол карталар»ын ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.
  3. Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясы (Р.Джураев), Өзбекастан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев) және Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын қол урысы спорт түрин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ғалаба ен жайдырыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын:

қол урысы бойынша мақалалар жазыў ҳәм жәриялаў, сондай-ақ, арнаўлы роликлер таярлаў ҳәм эфирге жибериў;

ветеран устазлар ҳәм абырайлы жарыслардың жеңимпазлары қатнасыўында дүркин телекөрсетиўлерди шөлкемлестириў;

қол урысы бойынша жарысларды өткериў процесслерин және оларда ерисилген жетискенликлерди кеңнен сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятлаў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери аймақлық телеканаллар, ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да коммуникация дәреклеринде усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, қол урысы спорт түри бойынша мағлыўматларды кеңнен жарытып барыў жумысларын әмелге асырып барсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов ҳәм Өзбекстан ҳуқық қорғаў уйымларының Қол урысы федерациясының баслығы, Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Джураев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықласытырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 20-июнь