Бүгинги күни мәмлекетимиздиң барлық тараўларында экологиялық машқалаларды сапластырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Себеби, инсан саламатлығы ушын әҳмийетли болған атмосфера ҳаўасын қорғаў, оның сапа көрсеткишлериниң экологиялық нормативлерге сәйкеслигин тәмийинлеў бүгинги күнниң глобал машқалаларының бири болып есапланады. Атмосфера ҳаўасының патасланыўы инсан, өсимлик, ҳайўанат, улыўма тиришиликке зыянлы тәсир етеди.

Орайлық Азияда бирден-бир есапланған «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында бул бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылмақта? Бул бойынша толығырақ мағлыўмат алыў мақсетинде кәрхананың қоршаған орталықты қорғаў бөлиминиң баслығы Гүлшира Аметова менен сәўбетлестик.

-Кәрханамыздың экологиялық сиясаты Өзбекстан Республикасының Конституциясы, әмелдеги нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге тийкарланады,-дейди Г.Аметова.-Тәбиятты қорғаўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўдың әҳмийетлилигин есапқа алған ҳалда қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўды кәрханамыздың узақ мүддетли раўажланыўы ушын зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпаларынан бири деп билемиз.

Қоршаған орталықты қорғаў тараўында ең әҳмийетли мақсетлер, бул өндиристиң экологиялық қәўипсизлигин, хызметкерлер менен әтираптағы халық ушын қолайлы жасаў шараятларын тәмийинлеў, топырақ ҳәм өсимлик қатламына, тәбийғый ландшафтларға, жер асты ҳәм үстиниң суў ағымларына, атмосфераға, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлерлердиң жасаў орталығына тәсирин минималластырыў болып табылады.

Усы мақсетлерге ерисиў ушын кәрханада жоқарыда атап өтилген нызамшылық ҳәм нормативлик ҳүжжетлердиң талабына муўапық айтарлықтай жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Өндиристе 19 шаң ҳәм газди тазалаў объекти жумыс алып бармақта. Кестеге муўапық турақлы түрде, атмосфераға шығындыларды тазалайтуғын шаңды ҳәм газди тазалаў объектлеринде режели профилактика ҳәм алмастырыў илажлары алып барылады.  Өндиристиң қоршаған орталыққа зыянлы тәсири ақыбетлериниң алдын алыў мақсетинде суйық шығындылар топлағышы әтирапында ҳәм ағым бойлап 2 километрге шекем жер асты суўларының жағдайын бақлаў ушын 12 қадағалаў ҳәм бақлаў қудығынан ибарат режим тармағы қурылды. Топлағыш әтирапындағы жер асты суўларының жағдайын бақлаў ҳәр айда әмелге асырылады. Ҳәр шеректе суйық шығындылар топлағышындағы жер асты суўлары мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте қадағалап барылады. Кәрханамызда санаат ҳәм турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып таслаў системасы ислеп тур. Барлық цехта шығындыларды ўақытнша сақлаў ушын үскенеленген бөлмелер қурылған.

Президентимиздиң 2020-жыл 29-сентябрьдеги «Турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының талапларына муўапық, кәрханада топланатуғын шығындылар ўақтынша арнаўлы үскенеленген майданларда, қоймаханаларда сақланады. Полигонға шығарылып, көмип тасланады ҳәм утилизацияланады. Суйық өндирислик шығындылар 80 гектар майдандағы арнаўлы орында сақланады. Кәрханаға қараслы өндирислик ҳәм турмыслық шығындыларды көметуғын бес полигон бар.

-Соңғы ўақытлары кәрхананың өндирислик көлемин кеңейтиў бойынша инвесторлар менен бир қатар жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта. Өндирис көлеминиң артыўы менен шығындылардың көбейетуғыны тәбийғый.  Бул бойынша қандай илажлар көрилмекте?

-Ҳақыйқатында да, кәрхананың өндирислик көлемин кеңейтиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 9-январьдағы «Өзбекстан Республикасының 2020-2022-жылларға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўды 250 мың тоннаға кеңейтиў жойбарының техник-экономикалық тийкарланыў жойбары ислеп шығылмақта. Усы жойбар тийкарында өндирис көлеминиң артыўы нәтийжесинде суйық шығындыларды топлаў орнын кеңейтиў мәселеси көрип шығылды. Ҳәзирги ўақытта суйық дистиллер трубалары кесип алынып, дамбаларды беккемлеў жумысларын алып барыў режелестирилген.

-Бүгинги күни аймағымыздағы экологиялық жағдайға байланыслы терек егиў ҳәм оларды өсириў тийкарғы машқалалардың бири болып табылады. Кәрхана әтирапында ҳәм Елабад посёлкасы аймағында бул бағдарда қандай жумыс алып барылмақта? 

-Өзлериңиз гүўасы болғаныңыздай, Үстирт таўлы, шөл, ығаллық дәрежеси төмен болғанлықтан бул жерлерде терек егилетуғын жерлердиң топырағы қазып алынып, жаңадан топырақ төселеди. Соң биогумус төгини менен қайта исленип, жерлер егиске таярлап алынады. Кәрхананың жумысшылары тәрепинен алып барылған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде кәрхананың әтипарына, Елабад посёлкасы аймағына егилип, бир тегис көгерген түрли мийўе ҳәм саяманлы терек нәллери, гүллер ырғалысып, көрген көзди қуўандырады. Бул өз-өзинен болмайды әлбетте. Егилген ҳәр бир нәлдиң өсип раўажланыўына, ўақтында суўғарып, тәрбиялаўға  цех хызметкерлери бекитилген болып, тынымсыз мийнет етпекте.

Жуўмақлап айтқанда, экологиялық машқалаларды шешиў, оған үлес қосыў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз. Ҳәр қандай болар, болмас нәрселерди сылтаў етпестен, әтипарымыздың тазалығын сақлаў, оны жасыл липасқа бөлеў күнделикли сүренимиз болыўы тийис.

Сәўбетлескенлер: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

П.БАШЕРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги