Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халыққа тез ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўди және де жақсылаў ҳәм жақынластыў, сондай-ақ, 2022-жыл 18-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен өткерилген «Медицинадағы реформалар-инсан қәдири ушын» темасындағы ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Республикалық тез медициналық жәрдем орайы (кейинги орынларда – Орай) ҳәм оның 14 аймақлық филиалы тез медициналық жәрдем хызмети сондай-ақ, автохожалықлар тийкарында шөлкемлестирилсин ҳәм тез медициналық жәрдемниң бирден-бир вертикал басқарыў системасы жолға қойылсын.
- Орай Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы тез медициналық жәрдем жумысын республика бойынша муўапықласытыратуғыны ҳәм қадағалайтуғыны;
тез медициналық жәрдем хызметиниң хызметкерлери ҳәм арнаўлы автотранспорт қураллары (аўысық бөлеклер, жанылғы майлаў материаллары ҳәм басқалар), дәри қураллары ҳәм жумсаў материаллары, медициналық үскенелер менен тәмийинлениўи Орайдың аймақлық филиалларына өткерилетуғыны;
Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде ситуациялық муўапықластырыўшы бөлимлер шөлкемлестирилип, район (қала) ҳәм аймақлардағы тез медициналық жәрдем системасының жумысын таллаўлар тийкарында басқаратуғыны ҳәм жетилистириў бойынша усыныслар киргизетуғыны;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги системадағы автохожалықлар қурамындағы тез медициналық жәрдем автотранспорт қураллары Орайдың аймақлық филиаллары қурамына өткерилетуғыны ҳәм автотранспорт қуралларына техникалық жәрдем көрсетиў аутсорсинг шәртнамалары тийкарында әмелге асырылатуғыны;
тез медициналық жәрдем автотранспорт қуралларына жанылғы-майлаў материалларының жумсалыўы электрон бағдарлама арқалы қадағаланатуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) бир ай мүддетте Орай ҳәм оның аймақлық филиалларының уставлары ҳәм структураларын тастыйықласын. Онда, Орай директорына, зәрүр жағдайларда, тастыйықланған структураларға хызметкерлердиң шекленген улыўма саны ҳәм мийнет ҳақысы фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте денсаўлықты сақлаў системасы хызметкерлериниң белгиленген улыўма шекленген саны және мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде Орай ҳәм оның аймақлық филиаллары, Республикалық тез медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм оның аймақлық филиаллары, орайлық район (қала)лық емлеўханалар ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы автохожалықлардың жаңаланған штат нормативлерин ислеп шықсын ҳәм 2022-жыл 1-сентябрьге шекем тастыйықласын.
- Төмендегилер:
Тез медициналық жәрдем сапасын жақсылаў ҳәм халыққа және де жақынласытырыўға байланыслы илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;
Тез медициналық жәрдем хызметин реформалаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) қурамы 2-қосымшаға муўапық;
Тез медициналық жәрдем системасындағы автотранспорт қураллары паркин басқышпа-басқыш жаңалаў режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жумысшы топар (О.Фазилкаримов):
Бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўы талланыўын;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында оптималластырылатуғын бөлим ҳәм шөлкемлердиң белгилениўин ҳәм мүлклик, қаржы ҳәм мийнет қатнасықларының белгиленген тәртипте шешилиўин;
тез медициналық жәрдем хызмети бойынша халыққа қолайлы ҳәм сапалы хызмет көрсетилиўи бағдарында илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлигиниң тез медициналық жәрдем бойынша электрон автоматластырылған басқарыў системасын Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында республикамыздың басқа аймақларында 2023-жыл 1-сентябрьге шекем толық енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Онда, 2022-жыл 1-декабрьге шекем Әндижан, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары, 2023-жыл 1-сентябрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Сырдәрья, Ташкент, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятлары район (қала)ларындағы диспетчерлик хызметлери сапластырылып, Ташкент қаласының тәжирийбеси тийкарында Орайдың аймақлық филиалларында бирден-бир «Call-орай»лар жумысы жолға қойылсын.
Тез медициналық жәрдем бойынша электрон автоматластырылған басқарыў системасын енгизиў Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери – «Call-орай»ларды шөлкемлестириў, үскенелеў ҳәм олардың инфраструктурасын жаратыў (электр, суў, жоқары тезликтеги Интернет, телефон, рация байланысы ҳәм басқалар) ҳәм әтирапты абаданластырыўға;
денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев – «Call-орай»ларды үскенелеў талапларын белгилеў, олардың хызмет көрсетиў көлеми ҳәм жоқары сапасын тәмийинлеўге жеке жуўапкер етип белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық «Call-орай»ларда:
шақырыўларды қабыл етиўши хызметкерлер менен бирге шыпакер хызметкерлерден ибарат арнаўлы медициналық мәсләҳәт жумысы шөлкемлестириледи;
басшы лаўазымларына IT-парклердеги қәбилетли жаслар арасынан мүнәсип талабанлар тайынланады;
сайлап алыў арқалы наўқас жағдайы, кеселлик түри ҳәм аўырлық дәрежесине қарап шақырыўларға тийисли медициналық бригадаларды бағдарлаў системасы енгизиледи;
тез медициналық жәрдемниң район (қала) ямаса аймақ шегарасына қарамастан наўқасқа шекемги аралықтың жақынлығына қарап медициналық бригаданы бағдарлаў жолға қойылады.
- Жумысшы топар (О.Фазилкаримов) орынларда тез ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем хызметиниң жумысын жетилистириў бойынша төмендегилерде нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасының әмелге асырылыўын тәмийинлесин:
а) Орай ҳәм оның аймақлық филиалларын 4-қосымшаға муўапық жайластырыў, оларды заманагөй имарат ҳәм объектлер менен тәмийинлеў;
б) Орайдың аймақлық филиалларын ҳәм «Call-орай»ларды үскенелеў, инфраструктурасын жаратыў (суў, электр, байланыс, Интернет, локал тармақ ҳәм басқалар) ;
в) тез медициналық жәрдем хызмети хыхметкерлерин ҳәм автотранспорт қураллары, аўысық бөлеклер, жанылғы-майлаў ҳәм басқа да материаллар, дәри қураллары, жумсаў материаллары ҳәм медициналық үскенелер тәмийнатын аймақлық филиалларға өткериў;
г) орайлық район (қала)лық емлеўханалардың қабыллаўханаларын тез медициналық хызмет көрсетиўге ҳәм жоқары технологиялық медициналық үскенелерди орнатыўға бейимлестириў;
д) тез медициналық жәрдем автотранспорт қуралларына радиобайланыс қураллары ҳәм GPS-трекерлер орнатыў;
е) тез медициналық жәрдем бригадаларын плантшетлер менен тәмийинлеў;
ж) Орайдың аймақлық филиалларында электрон автоматластырылған басқарыў системасын Ташкент қаласының тәжирийбеси тийкарында енгизиў;
з) тез медициналық жәрдем автотранспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў, оларды жанылғы-майлаў материаллары менен тәмийинлеўди аутсорсингке өткериў және электрон система арқалы қадағалаўды шөлкемлестириў.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-декабрьге шекем ҳәм 2023-жыл 1-сентябрьге жуўапкер басшылардың есабатын тыңлаў усыныс етилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Республикалық тез медициналық жәрдем оқыў-шынығыў орайы Республикалық тез медициналық жәрдем орайы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў мектеби (кейинги орынларда – Мектеп) етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм Орайдың қарамағына өткерилсин.
Мектеп тез медициналық жәрдем хызмети хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў ушын ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Кадастр агентлиги (Ф.Пулатов) менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем 10 мың көшеге атама бериў жумысларын жуўмақласын.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) тез медициналық жәрдем хызметин шөлкемлестириў ҳәм санластырыў ушын Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан кеминде 85 миллиард сум муғдарындағы қаржыларды Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Тез медициналық жәрдемди раўажландырыў қорына қаратсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Жәҳән банки қыстаўлы хызметлерди раўажландырыў жойбары шеңберинде 5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды тез ҳәм қыстаўлы жәрдемди санластырыў илажларына қаратыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң гөнерген ҳәм пайдаланылмай атырған автотранспорт қуралларын аукцион саўдаларында сатыўдан түскен қаржылар тез медициналық жәрдем хызметиниң автопаркин жаңалаў мақсетлери ушын Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Тез медициналық жәрдемди раўажландырыў қорының есап бетине қаратылсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлигине тез медициналық жәрдем бойынша электрон автоматластырылған басқарыў және бирден-бир қоңыраўларды қабыллаў системаларын республикамыздың барлық аймақларында басқышпа-басқыш енгизиў ушын Ташкент қаласында усы системаларды енгизиўге тартылған система интеграторы менен тиккелей шәртнама дүзиўге руқсат берилсин. Онда, көрсетилген хызмет тарифлери Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Монополияға қарсы гүресиў комитети менен келисилген ҳалда Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) 2022-жылдың ақырына шекем бар орынлар ҳәм штат бирликлери шеңберинде:
орайлық район(қала)лық емлеўханалардың тез медициналық жәрдем бөлимлериндеги орынлары педиатрия, терапия ҳәм хирургия бөлимлериниң қурамына өткерилип, наўқасларды кеселликтиң аўырлық дәрежеси бойынша сайлап алынатуғын (триаж) күни-түни ислейтуғын қыстаўлы қабыллаў бөлимлерин;
Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем миллий орайы, оның аймақлық филиаллары және барлық районлараралық биргеликтеги зыянланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларында қыстаўлы қабыллаў бөлимлерин;
Ташкент қаласы Шайхантаҳур районындағы 1-санлы, Яшнабад районындағы 4-санлы, Юнусабад районындағы 7-санлы қалалық клиникалық емлеўханалары ҳәм Учтепа районындағы Ташкент қалалық тез медициналық жәрдем клиникалық емлеўханасының қурамында юридикалық статусқа ийе болмаған районлараралық биргеликтеги зыянланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларын шөлкемлестирсин.
- Орай ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы, олардың аймақлық филиаллары және районлараралық биргеликтеги зыянланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларында мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызмет түрлеринен тысқары хызметлерди төлемли тийкарда шөлкемлестириўге руқсат берилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафаев), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) жаңадан шөлкемлестирилип атырған районлараралық қоспа зыянланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларын үскенелеў ушын Жәҳән банкиниң «Өзбекстанда COVID-19 коронавирусы инфекциясына қарсы гүресиў бойынша жедел илажларды көриў» жойбары шеңберинде үнемленген қаржыларды қаратсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев):
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем қыстаўлы қабыллаў бөлимлериниң жаңаланған штат нормативлерин тастыйықласын;
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2022-жыл 1-декабрьге шекем орайлық район (қала)лық емлеўханалардың орынлар фондын халықтың саны ҳәм кеселликлер бағдарларынан келип шығып қайта көрип шықсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев белгиленсин.
- Қарардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 16-июнь