Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги
Жасларды жоқары билимлендириў менен және де кеңирек қамтып алыў, жоқары билимлендириў шөлкемлери арасында саламат бәсекини күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-июньдағы «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыў қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-279-санлы қарарына муўапық:
- 2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери:
а) бакалаврлар таярлаў бойынша:
күндизги билимлендириў түрине – 77 477 етип 1-қосымшаға муўапық;
сыртқы билимлендириў түрине – 26 095 етип 1а-қосымшаға муўапық;
кешки билимлендириў түрине – 3 725 етип 1б-қосымшаға муўапық;
аралықтан билимлендириў түрине – 3 410 етип 1в-қосымшаға муўапық;
б) магистрлер таярлаў бойынша – 10 688 етип 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қаржы еркинлиги берилген мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бақлаў кеңеслерине ҳәм қабыллаў параметрлерин Қәўендерлик кеңестиң қарары менен тастыйықлаў ўәкиллиги берилген жоқары билимлендириў шөлкемлерине тийисли қабыллаў параметрлерин 2022-жыл 20-июньға шекем тастыйықлаў усыныс етилсин.
- Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин муўапықластырыў бойынша мәмлекетлик комиссия бес күн мүддетте 2022-2023-оқыў жылы ушын:
денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў, ветеринария, медициналық-социаллық хызметлер тараўларында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың буйыртпаларына муўапық мақсетли қабыллаў параметрлериниң район (қала)лар кесиминдеги бөлистирилиўин;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, системасында жоқары билимлендириў мәкемеси болған министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң билимлендириў тиллери бойынша бөлистирилиўин тастыйықласын ҳәм жәрияласын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бир ай мүддетте:
Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылында жаңадан киргизилип атырған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң классификаторына белгиленген тәртипте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин;
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде жаңадан киргизилип атырған тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң маманлық талаплары, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларының ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Усы бийликтиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2022-жыл 15-июнь