Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге, олардың исбилерменлик пенен шуғылланыўына кең жол ашыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Бирақ, ҳүкиметимиз тәрепинен жаслар ушын ажыратылып атырған жеңилликли кредит көринисиндеги жәрдемлер өз мәнзилине, яғный, ҳақыйқатында да исбилерменлик пенен шуғылланаман деген жасларға жетип барып атыр ма?

А.Б. исимли шахс «Жаслар келешегимиз» қорының Хожели районы филиалы басшысы болып жумыс ислеп турған ўақтында лаўазымынан пайдаланып, таныслары Н.К. ҳәм Г.А.лар менен биргеликте АКБ «Агробанк»тиң Хожели филиалы тәрепинен 400 миллион сум жеңилликли кредит қаржыларын танысы Н.Т.ның атына шөлкемлестирилген «Smart Dav» ЖШЖның есап бетине өткерип алады.

Мәмлекет тәрепинен жаслар ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитти «Мен қағаз салфетка ҳәм туалет қағазын ислеп шығараман, 10 жумыссыз жасты жумыс пенен тәмийинлеймен» деп алған болса да, мақсетли пайдаланбай, 400 миллион сум қаржының барлығын Нөкис қаласына келип, бийтаныс шахслар арқалы нақлап, өзлериниң басқа мақсетлери ушын жумсап жибереди.

Айыпкерлерге Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен ҳүким оқылып, жазалар тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги