Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Ағартыўшы илимпаз, шығыс ҳәм батыс тиллериниң билимданы Исҳақхан Ибраттың жарқын естелиги ҳәм атын мәңгилестириў, Наманган ўәлаятында шет тиллерин, жетик ийелеген, терең билимге ийе болған бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў мақсетинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрилиги, Шет тиллерди үйрениўди ғалаба ен жайдырыў агентлиги, Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги ҳәм Наманган ўәлаяты ҳәкимлигиниң Наманган қаласында Исҳақхан Ибрат атындағы Наманган мәмлекетлик шет тиллери институтын (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Институт юридикалық тәреп статусына ийе болған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны, сондай-ақ, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасында жумыс алып баратуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Институт жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

халықаралық баҳалаў бағдарламаларынан (PISA, TALIS, PIRLS) пайдаланған ҳалда оқытыўдың заманагөй түрлери ҳәм методларын енгизиў, усы билим ҳәм көнликпелерге ийе болған жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў;

өзиниң билимлендириў бағдарламаларын халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингинде биринши 1000 лық дизимге кирген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң бағдарламалары тийкарында қәлиплестириў;

шет тиллерин оқытыўдың интерактив қуралларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў және халықтың кең қатламлары арасында шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыўға жәрдемлесиў;

билимлендириўди заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында шөлкемлестириў, оқыў процесине санлы технологияларды енгизиў, студентлерге синхрон, көркем, избе-из ҳәм илимий-техникалық аўдарма ислеў көнликпелерин қәлиплестириў;

шет тиллер бойынша жергиликли ҳәм сырт ел профессор-оқытыўшылары менен биргеликте жаңа әўлад оқыў әдебиятларын жаратыў, мәлимлеме-ресурс орайларын заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий әдебиятлар менен тәмийинлеў және оларды турақлы жаңалап барыў;

Институттың илимий-педагогикалық потенциалын арттырып барыў, соның ишинде, профессор-оқытыўшылардың стажировкасы ҳәм тәжирийбе арттырыўын абырайлы республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў сондай-ақ, илимий-изертлеў мәкемелеринде шөлкемлестириў;

билимлендириў ҳәм илим тараўларында сырт еллердиң жетекши билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары менен узақ мүддетли байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер:

Исҳақхан Ибрат атындағы Наманган мәмлекетлик шет тиллери институтының жумысын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Исҳақхан Ибрат атындағы Наманган мәмлекетлик шет тиллери институтын 2026-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

Исҳақхан Ибрат атындағы Наманган мәмлекетлик шет тиллери институтында шөлкемлестирилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. а) Институтта оқыў процеси 2022-2023-оқыў жылынан басланатуғыны;

Институтқа қабыллаў параметрлери белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа ҳәм қосымша қабыллаў параметрлеринен келип шыққан ҳалда қәлиплестирилетуғыны;

в) 2023-2024-оқыў жылынан баслап Институттың бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханларында пәнлер комплексиндеги шет тили пәнинен 4 көнликпени (тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў) баҳалаўға қаратылған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғыны. Онда:

шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

шет тили бойынша В2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болған абитуриентлерге усы пәннен оқыўға кириў тест сынақларында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихансыз максимал балл берилетуғыны;

г) Институтта студентлерге еки шет тили бойынша квалификация бериў әмелиятының жолға қойылатуғыны;

д) Институттың шет тилинде қәнигелик пәнлеринен сабақ беретуғын С1 дәрежеден аз болмаған миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе муғаллимлерге олардың базалық лаўазым мийнет ҳақысына салыстырмалы түрде ҳәр айлық 50 процент муғдарында қосымша үстеме ҳақы төлеп барылатуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов):

а) 2022-жыл 1-августқа шекем Институтты таңлаў тийкарында әмелий тәжирийбе ҳәм (ямаса) илимий дәрежеге ийе болған жоқары маман профессор-оқытыўшылар менен толтырыў илажларын көрсин;

б) 2023-2024-оқыў жылынан баслап Институттың шет тиллери оқытыўшылары С1 дәрежеден аз болмаған миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болыўын тәмийинлесин;

в) 2024-2025-оқыў жылынан баслап:

Институттың оқыў процесине тил ийеси болған маман сырт ел қәнигелери тартылыўын шөлкемлестирсин. Онда, сырт ел қәнигелериниң айлық мийнет ҳақысы Институт тәрепинен базар конъюнктурасы тийкарында белгиленеди ҳәм Институттың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының есабынан төленеди;

Институттың қәнигелик пәнлери (шет тилинен тысқары) оқытыўшыларының В2 дәрежеден аз болмаған миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болыўын тәмийинлесин;

г) Институт студентлериниң оқыў ҳәм илимий әмелиятларын сырт еллерде шөлкемлестириўге жәрдемлессин.

  1. Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыў агентлиги (С.Обидов) төмендеги бағдарларда Институтқа жақыннан жәрдемлессин:

сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда Институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм қәнигелери ушын тәжирийбе арттырыў, соның ишинде, көркем ҳәм синхрон аўдарма ислеў көнликпелерин қәлиплестириў бойынша курсларды шөлкемлестириўде;

Институт профессор-оқытыўшыларында заманагөй оқытыў көнликпелерин қәлиплестириўде ҳәм оларды шет тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша имтиханларға таярлаўда;

Институттың бос аудиторияларында шет тиллерин оқытыў курсларын шөлкемлестириў арқалы студентлерге қосымша дәрамат табыўы ушын зәрүр шараят жаратыўда;

халық ҳәм билимлендириў мәкемелери ушын шет тиллерин үйрениўде жәрдем бериўши контентлерди шәртнама тийкарында жаратыўда.

  1. Институт Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги жанындағы Исҳоқхан Ибрат атындағы дөретиўшилик мектебиниң (кейинги орынларда – Дөретиўшилик мектеби) билимлендириўде бирге ислесиўшиси етип белгиленсин.

Институтқа төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

2023-жыл 1-январьға шекем Институтта Дөретиўшилик мектебиниң оқыўшылары ушын «Дилмашлар клубы»н шөлкемлестириў;

Институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм қәбилетли студентлерин Дөретиўшилик мектебиниң билимлендириў процесине кеңнен тартыў;

Дөретиўшилик мектеби ушын маман, шет тиллерин толық ийелеген кадрларды таярлаў;

Дөретиўшилик мектебиниң муғаллимлерин Институтқа стажировка өтеўге тартыў;

Дөретиўшилик мектебиниң оқыў процесине шет тиллери бойынша заманагөй тәлим технологиялары, алдыңғы ҳәм инновациялық тәжирийбелерди енгизиў;

Дөретиўшилик мектебин шет тиллериндеги оқыў ҳәм илимий әдебиятлар және электрон оқыў ресурслары менен тәмийинлеў.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң:

Наманган инженерлик-қурылыс институтының Наманган ўәлаяты, Тўрақорған районы, «Янгиабад» МПЖ, Саодат көшеси, 28-жай мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлерин тийисли аймағы менен биргеликте Институтқа оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў;

Наманган ўәлаяты, Тўрақорған районы, Тўрақорған көшеси, 22-жай мәнзилинде жайласқан Наманган мәмлекетлик университети системасындағы «Исҳоқхан Ибрат – Реперессия қурбанлары естелиги» музейин Институт  системасына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Абдуразаков):

2023-жыл 1-январьға шекем Институтқа 1 000 орынлық жаңа оқыў имараты ҳәм 400 орынлық студентлер турақ жайын қурыў ушын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен зәрүр жер участкасы ажыратылыўын тәмийинлесин;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) менен биргеликте Институт студентлериниң әмелиятын аймақтағы кәрханалар, туризм ҳәм мәдений мийрас объектлери, билимлендириў ҳәм басқа да шөлкемлерде өткериў және жоқары курс студентлерин мийнет ҳақы төленетуғын система арқалы бәнт етиў илажларын көрсин;

жергиликли бюджет қаржылары есабынан Институттың мәлимлеме-ресурс базасын сырт ел оқыў, көркем ҳәм илимий әдебиятлары менен байытып барыўға жәрдемлессин;

алыс аймақлардан ҳәм сырт еллерден келип сабақ беретуғын профессор-оқытыўшыларды жумыс дәўири даўамында турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде Институтқа жақын аймақта жайласқан көп қабатлы турақ жайлардан хызмет үйлерин Институтқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратсын.

  1. Институтқа бюджеттен тысқары қаржылар есабынан басқа аймақлардан тартылған профессор-оқытыўшылар ушын қолайлы шараят жаратыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, турақ жай ижарасы ушын төлемди компенсациялаўға руқсат етилсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) менен биргеликте тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып:

Институттың Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен ажыратылатуғын жер майданында 1 000 орынлық оқыў имаратын қурыў ҳәм үскенелеў;

Институтқа берилип атырған Наманган ўәлаяты, Тўрақорған районы, «Янгиабад» МПЖ, Саодат көшеси, 28-жай мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлерди реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жойбарлары Өзбекстан Республикасының 2023-2025-жылларға мөлшерленген социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2025-жыл 1-январьға шекем Институттың 400 орынлық студентлер турақ жайын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында қурылыўын тәмийинлесин.

  1. Институт жумысы Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары, төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, Институттың бюджеттен тысқары қаржылары, халықаралық грантлар, хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Институттың дәслепки жумысын жолға қойыўда оған ажыратылған имарат ҳәм объектлерди ағымдағы оңлаў ҳәм үскенелеў (мебель, компьютер техникасы, оқыў әдебиятлары ҳәм басқа да материаллық-техникалық қуралларын сатып алыў, интернет тармағына жалғаў) жумыслары Наманган ўәлаятының жергиликли бюджети ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан тең үлесте әмелге асырылатуғыны;

усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў 2022-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны, 2023-жылдан баслап – Мәмлекетлик бюджеттиң параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги филология илимлери тармағының тийисли қәнигеликлери бойынша жоқары тәжирийбели илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрларға болған талаптан келип шығып, 2023-жылдан баслап Институтқа докторантура бойынша қабыллаў квоталарының ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов ҳәм Наманган ўәлаяты ҳәкими Ш.Ш.Абдуразаков белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 9-июнь