3-5-июнь күнлери Грузия пайтахты Тбилиси қаласында дзюдо бойынша Үлкен дубылға дүркимине кириўши турнир болып өтти.
Оған дүньяныӊ дзюдо спорты раўажланған 36 мәмлекетинен 278 палўан қатнасты.
Кеше оғада қызықлы болып өткен жарыста жеӊимпазларды анықлаўшы шешиўши беллесиўлер өткерилди ҳәм онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасыўға еристи.
Атап айтқанда, 73 кг салмақта Муроджон Юлдашев, 81 кг салмақта Шарофиддин Балтабаев, 100 кг салмақта Атабек Турабаев, +100 кг салмақта Шахрух Бахтияров қола медалларын қолға киргизген болса, және бир жас палўанымыз Алишер Юсупов финалға шекем жетип барды ҳәм гүмис медаль менен шеклениўге мәжбүр болды.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы