1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленеди.
Қарақалпақлар – балажан халық. Тек ғана усы байрамда емес, имканы болғанша тез-тезден балаларын дем алыў бағларына, кеўилашар орайларға қыдырыўға алып шығып, ҳәр қыйлы ойын-заўықлар ойнатып, кеўиллерин көтериўге ҳәрекет етеди.
Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Әмир Темур бағында байрам мүнәсибети менен өткерилген сейилден биз усындай бахытлы балалықтың мәўритлеринен көринислерди фотосүўретлерге мөрлеўге ҳәрекет еттик.
Фотолар авторы: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.