Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы» китабы «Қарақалпақстан» баспасынан 3 мың тиражда қарақалпақ тилинде басып шығарылды.
Бул китапта бүгинги күни елимизде Жаңа Өзбекстанды ҳәм Үшинши Ренессанс иргесин қалаў бойынша әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер ҳәм реформалардың мақсети, мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетли бағдарлары, елимиздиң заманагөй демократиялық көриниси қалай жаратылып атырғаны, мәмлекетимизди жаңа раўажланыў басқашына көтериў ушын белгилеп алынған стратегиялық жол, миллий раўажланыўымыздың келешеги ҳаққында сөз жүргизиледи.
2021-жылдың 24-октябр күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына халқымыз белсене қатнасып, өзиниң жоқары сиясий-ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын көрсетти. Сайлаў нәтийжелери елимиздиң ғәрезсиз, суверен раўажланыў ҳәм демократиялық реформалар жолынан исенимли алға баратырғанын, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ел-журтымыз тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғанын және бир мәрте тастыйықлады.
Китап Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист К.Реймов ҳәм журналист Г.Пирназарова тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы