Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-декабрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди буннан былай да жедел шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Шоманай районы бөлими тәрепинен турақлы қадағалаў орнатылған.

-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында район бойынша быйылғы жылы жәми 770 гектар майданда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў белгиленди ,-дейди аға инспектор Жолдас Нураев.- Атап айтқанда, 500 гектар пахта, 100 гектар бағ, 50 гектар жүзим ҳәм 20 гектар майданда басқа егинлер егилетуғын 670 гектар майданда тамшылатып, 100 гектар бийдай майданында жаўынлатып суўғарыў  технологияларын енгизиў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланды.

Соннан 700 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша «Агро Шоманай кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен «Мастер Билдинг Продустс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурыўшы кәрханасы менен жумысты бөлип алып ислеў шәртнамасы дүзилип, 20,1 миллиард сумлық кредит шәртнамасы рәсмийлестирилди. Бүгинги күнге 17,5 миллиард сум қаржыландырылды.

«Кластер ғәлле агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 100 гектар бийдай майданында суўды үнемлейтуғын жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў режелестирилген. Бул бойынша «Наўайы исеним гилемлер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурыўшы кәрханасы арасында жумысты бөлип алып ислеў шәртнамасы дүзилди. Бүгинги күнге 2,5 миллиард сум қаржыландырылып, белгиленген тәртипте иске түсирилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы