Быйыл 28-май күни Ташкент қаласында Сенаттың мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма алтыншы жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары және миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференйбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.

Дәслеп сенаторлар «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары елимизде мәмлекетлик хызмет жумысының нәтийжелилигин артттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм оларды социаллық тәмийинлеўдиң заманагөй системасын жаратыў бойынша сезилерли илажлар көрилмекте.

Бул жумыслардың логикалық даўамы сыпатында усы Нызам ислеп шығылған болып, ол мәмлекетлик пуқаралық хызметин, соның ишинде, талабанларды ашық еркин таңлаў арқалы сайлап алыў процесин комплексли ҳуқықый тәртипке салыўды тәмийинлейди.

Сондай-ақ, бул ҳүжжет мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилиги ҳәм компетенциясын баҳалайтуғын нормаларды, олардың маманлығын арттырыўға болған талапларды белгилеўде тиккелей тәсир етиўши нызам болып есапланады.

Додаланған Нызам нормалары тек ғана мәмлекетлик реестрге киргизилетуғын лаўазымларда жумыс ислеп атырған мәмлекетлик хызметкерлерге қолланылады.

Буннан тысқары, мәмлекетлик пуқаралық хызметти тәртиптке салыўда мәмлекетлик уйымлардың тийкарғы ўәкилликлери белгиленген. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети ҳәм басқа да ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы ўәкилликлери анық көрсетип өтилмекте.

Нызам менен пуқаралық хызмет тараўында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдың ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) тийкарында баҳаланыўы қатаң белгиленбекте. Коррупцияға байланыслы жынаятларды ислеген пуқаралар мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилмейди.

Соның менен бирге, Нызамда халыққа хызмет етиў мәмлекетлик пуқаралық хызметтиң тийкарғы принциплеринен бири етип белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, усы Нызамның турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде мәмлекетлик хызмет тараўын тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылады. Мәмлекетлик хызметкерлердиң категориясы, статусы, маманлық дәрежеси, оларға қосымша ҳақы төлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қўуатлаў менен бир қатарда олардың жуўапкершилигин де және де арттырыўға хызмет етеди.

Сенат ағзалары бул Нызамды мақуллады.

Буннан соң сенаторлар «Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийет мүтәжликлери ушын алып қойыў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы ҳәм «Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў тәртип-қағыйдаларының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамларды додалады.

«Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызам жалпы мәжилистиң додалаўына шекем дәслеп халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссиялары, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, экспертлер менен әмелиятта пайда болыўы мүмкин болған машқалалар есапқа алынған ҳалда бир неше мәрте додалаўдан өткерилди.

Нызамда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге ийелик етиў, турақлы пайдаланыў ямаса ўақтыншалық пайдаланыў ҳуқықы менен тийисли болған жер участкасы ямаса оның бир бөлеги жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылыўы ҳәм усы жер участкасы, онда жайласқан көшпес мүлк объектлериниң ҳуқық ийелерине компенсация бериў тәртип-қағыйдалары белгиленбекте.

Нызамда жер участкаларының компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылыўына тийкар болатуғын жағдайлардың дизими анық етип көрсетилген. Жер участкаларының ҳәр қандай басқа мақсетлерде алып қойылыўын жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў сыпатында талқылаў қатаң қадаған етиледи.

Сондай-ақ, бузылыўы керек аймақта жайласқан жерге болған ҳуқық болмай турып, он бес жыл даўамында көшпес мүлкке ҳадал, ашық-айдын ҳәм үзликсиз ийелик етип келген пуқараларға да усы көшпес мүлк объекти ушын салықлар төлеп келингени тастыйықланған жағдайда, бул көшпес мүлк объекти баҳасының орны қапланатуғыны нәзерде тутылмақта.

Нызам менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери жанында компенсация комиссияларының дүзилетуғыны белгиленбекте.

Бул комиссиялар компенсациялар өз ўақтында толық көлемде берилиўи үстинен турақлы мониторинг ҳәм берилген компенсациялардың есабы жүргизилиўин тәмийинлейди. Компенсациялар өз ўақтында ҳәм толық берилмеген жағдайлар анықланғанда тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары жергиликли Кеңесине мәлимлеме киргизилиўи де Нызамда белгиленген.

Нызамда жәмийетлик мүтәжликлерге алып қойылатуғын жер ушын берилетуғын компенсация түрлери ҳәм дәреклери де анық көрсетилмекте. Атап айтқанда, берилетуғын компенсация түрлери ақша қаржылары, соның ишинде турақ жайларды ҳәм жасаў ушын мөлшерленбеген орынларды ўақтыншалық ижараға алыў ушын ақша қаржылары, басқа көшпес мүлк объектин мүлк етип бериўден ибарат.

Бул Нызамды ислеп шығыўда миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға да айрықша итибар қаратылған, яғный бир мәҳәлле ямаса көшеде жасайтуғын ҳуқық ийелери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, мәдений қәдириятларды сақлап қалыў мақсетинде ҳуқық ийелериниң қәлеўине бола, оларға бир мәҳәлле ямаса көшеде жайласқан жаңа турақ жайлар (бир көп квартиралы турақ жайдағы квартиралар) берилетуғыны белгиленбекте.

Жалпы мәжилисте бул Нызамның логикалық даўамы болған «Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў тәртип-қағыйдаларының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Нызам менен Пуқаралық, Жер, Қала қурылысы ҳәм Бюджет кодекслерине сондай-ақ, «Мәмлекетлик жер кадастры ҳаққында»ғы, «Жергилкили мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Баҳалаў жумысы ҳаққында»ғы, «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы басқа да усы сыяқлы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Жоқарыдағы нызамларға киргизилип атырған өзгерислердиң мазмунына бола, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ҳәм турақлы ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў, ижара ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкалары жәмийетлик мүтәжликлер ушын нызамшылықта белгиленген компенсация толық көлемде қапланғанынан кейин алып қойылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Жәмийетлик мүтәжликлер ушын компенсация есабынан жер участкаларын алып қойыў мәселелери тиккелей әмел ететуғын нызам менен тәртипке салыныўы, тартыслы жағдайлардың алды алыныўы, мүлк ийелериниң ҳуқықлары қорғалыўын күшейтиўге хызмет етиўи инабатқа алынып, бул нызамлар сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам додаланды.

Ҳәммемизге белгили, жерлер электрон онлайн-аукцион арқалы тек ғана ижара ҳуқықы тийкарында ажыратылады. Келешекте, бул Нызам менен Жер кодексине киргизилип атырған өзгерислерге муўапық ашық электрон таңлаў арқалы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериў ҳуқықын киргизген шахсларға сол аймақ ҳәкиминиң тастыйықлаўы талап етилмейди.

Сондай-ақ, жер участкаларынан мақсетсиз пайдаланғанларды өз ўақтында анықлаў және илаж көриў жуўапкершилиги Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги уйымларына жүкленбекте.

Өз гезегинде, бул ҳәрекетлер нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Атап айтқанда, Жер кодексине киргизилип атырған қосымша нормаға тийкарланып Кадастр агентлиги уйымлары жер участкаларынан мақсетсиз пайдаланыў жағдайларын анықлаған жағдайда, усы жер участкаларына болған ҳуқықты бийкарлаў ҳаққында судқа шағым арзасы киргизеди.

Буннан тысқары, Нызамда социаллық қорғаўға мүтәж айырым халық қатламлары ушын бир қатар кепилликлер де белгиленбекте. Атап айтқанда, майыплығы болған шахслар ҳәм олардың шаңарағы электрон-аукционлардан жер участкаларын сатып алыўына байланыслы қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Бул нызам менен әмелдеги 20 дан аслам нызам, соның ишинде 4 кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Әмелиятта ушырасып атырған ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлерди сапластырыў ҳәм жәмийетлик турмыста нызамға болған талапты инабатқа алған ҳалда сенаторлар бул Нызамды мақуллады.
Буннан кейин сенаторлар Өзбекстан Республикасы Орайлық банки басқарма баслығын тайынлаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Сенат Мамаризо Нурмуратовты Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң басқарма баслығы етип тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Соң, «Нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 19-статьясына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам додаланды.

Бул Нызам жеке меншик санаат кәрханаларының усыныслары тийкарында ислеп шығылған болып, оның мәниси тийкарынан ислеп шығарыўында уқсас өним сыпатында прекурсор пайда болып атырған жеке меншик кәрханаларға айланыста болыўы шекленген прекурсорларды ислеп шығарыў ҳәм таярлаў жумысын лицензияға тийкарланып әмелге асырыў ушын шараят жаратыўдан ибарат.

Прекурсорлар мәмлекет тәрепинен қадаған етилген, нәшебентлик қуралларын, олардың аналогларын ҳәм психотроп затларды таярлаў ушын пайдаланылатуғын затлар болып есапланады. Соның ушын бул затлардың айланысын ҳуқықый жақтан тәртипке салыў әҳмийетке ийе.

Жалпы мәжилисте Жиззақ ўәлаяты Ғәллеарал районында жайласқан «Ғәллеарал калий фосфат» ЖШЖ жумысына тоқтап өтилди. Кәрханада калий сульфатты «мангейм» усылында ислеп шығарыў процесинде уқсас өним сыпатында жылына 24 мың тонна хлорид кислотасы пайда болмақта.

Бул хлорид кислотасының 20-30 проценти ишки базарда реализацияланады, тилекке қарсы қалған бөлеги қоймаханада шығындыға айланбақта. Өз орнында хлорид кислотасы қәўипли суйықлықлар түрине киргизилгенлиги ушын оны қысқа мүддетлерде реализациялаў талап етиледи. Әмелдеги тәртип болса исбилерменлерди бундай имканияттан шеклемекте.

Таллаўларға бола, ҳәзирги қуўатлықларда хлорид кислотасының 70 проценти экспортқа қаратылса, бир жылда орташа 2,7 миллион доллар муғдарында қосымша қаржы алыўға ерисиледи.

Сондай-ақ, бул бағдарда сырт ел инвесторларының қатнасыўында перспективалы жойбарлардың иске қосылыўы менен 266 мың тонна сульфат кислотасы ислеп шығарылып, оны кейин ала қайта ислесиў арқалы жоқары қосымша қунға ийе 40 мың тонна текстиль санааты ушын бояў – антрахинон, 21 мың тонна таў-кән санааты ушын синиль кислотасы, 51 мың тонна ацетилен ислеп шығарылыўына ерисиледи.

Нызамға киргизилип атырған жаңалықлар арқалы прокурсорларды ислеп шығарыў ҳәм таярлаў бойынша лицензияға ийе болған юридикалық тәреплерди (мәмлекетлик ҳәм жеке меншик кәрханалар), сондай-ақ, прекурсорларды сақлаў, тасыў, сатыў, Өзбекстан Республикасының аймағына алып кириў ҳәм алып шығыўға болған талапларды белгиленген тәртипте тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен системалы қадағалаўға алыў имканияты жаратылады.

Бул Нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимиздиң химия санаатының исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын тартымлылығының артыўына, тараўда системалы қадағалаў механизмлериниң енгизилиўине, импорттың орнын басатуғын, экспортқа қолайлы өнимлер ҳәм жаңа жумыс орынларының жаратылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери және халықтың турақ жайларында қуяш ҳәм самал энергиясынан пайдаланыў бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳүкиметке жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин додалады.

Ҳәзирги күнде экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери ҳәм халықтың турақ жайларында қуяш ҳәм самал энергиясынан пайдаланыў бойынша ҳүкимет тәрепинен бир қатар тийкарғы жойбарлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, 2021-жылы Наўайы ўәлаяты Кармана районында қуўатлылығы 100 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы иске қосылған. Самарқанд ўәлаятының Нурабат районында қуўатлылығы 100 мегаваттқа тең болған ири қуяш фотоэлектр станциясы қурылып, эксплуатацияға тапсырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында қуўатлылығы 100 МВт болған, жылына 360 миллион кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыўға ҳәм  110 мыңнан аслам хожалықты электр энергиясы менен тәмийинлеўге мөлшерленген жойбар басланған.

Жойбардың иске қосылыўы менен жылына 106 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди. Нәтийжеде 35 мың хожалық жыл даўамында газ бенен тәмийинленеди, сондай-ақ, атмосфераға 160 мың тонна зыянлы газлер шығарылыўының алды алынады.

Қалаберди, Қарақалпақстан Республикасында санаат, социаллық тараў объектлери ҳәм халықтың турақ жайларында 100 ден артық қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үскенелери орнатылған. Халықтың электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде Хожели районындағы «Күн нуры», Қоңырат районындағы Қаңлы ҳәм Әмиўдәрья районындағы Гүлзар сыяқлы мәҳәллелерде көп квартиралы турақ жайлар қуяш панеллери менен үскенеленген.

2021-жылы шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тикленетуғын энергия дәреклерин енгизиў есабынан 9,5 мың кВт саат электр энергиясы үнемленген.

Әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда, парламентлик сораўға берилген жуўап талланғанда көтерилген айырым мәселелер бойынша тараўда кемшиликлер ҳәм машқалалар сақланып қалып атырғанлығын көрсетпекте.

Соның ишинде, сенаторлар тәрепинен экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери және халықтың турақ жайларында, әсиресе, орайласқан энергия тәмийнаты системаларынан узақта жайласқан аймақларда қуяш ҳәм самал энергиясы имканиятларынан толық пайдаланылмай атырғанлығы көрсетип өтилди. Қайти тикленетуғын энергия дәреклери қурылмаларының мәмлекетлик есабын жүргизиў толық жолға қойылмағанына айрықша итибар берилди.

Сенаторлар ислеп шығарыўшыларға берилген жеңилликлерден пайдаланыўды системалы шөлкемлестириў, қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң қурылмалары, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерин ислеп шығарыўға байланыслы илимий-изертлеў ҳәм әмелий жумысларды қаржыландырыў илажларын көриў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан тысқары, экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери және халықтың турақ жайларында киши қуўатлықтағы қуяш фотоэлектр ҳәм самал электр станцияларын шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығыў, тараўға жергиликли исбилерменлик субъектлерин тартыў мәселелери бойынша жуўапкерлерге тийисли ўазыйпалар жүкленди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соң Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жаслар ҳәм жас өспиримлер ушын миллий контентти раўажландырыў, олардың социаллық тармақлардан пайдаланыў мәденияты ҳәм зыянлы мәлимлемеден қорғаў мәселелери бойынша ҳүкиметке жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери көрип шығылды.

Мәмлекетимизде Интернет арқалы жаслардың өмирине қәўип салып атырған, руўхый дүньясына унамсыз тәсир ететуғын мәлимлеме қәўиплериниң алдын алыўға қаратылған унамлы жумыслар алып барылып атырғанлығы атап өтилди.

Соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағының «UZ» доменинде пайдалы билимлендириў-ағартыўшылық ҳәм темалы веб-ресурсларды жаратыў мақсетинде жәми 113 стартап жойбарлары IT-парктиң инкубация ҳәм акселерация бағдарламаларына киргизилген.

Сондай-ақ, пайдалы веб-ресурслар, интернет жойбарлар, мобиль қосымша ҳәм бағдарламаларды жаратыўшы авторлар менен программистлердиң санын және де арттырыў, жаслардың программалаў тиллерине қызығыўшылығын күшейтиў мақсетинде «Бир миллион программист» жойбары әмелге асырылмақта. Ҳәзирги күнде барлық район ҳәм қалаларда заманагөй компьютерлер менен үскенеленген 205 санлы технологиялар оқыў орайы (IT-орай) шөлкемлестирилген.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен парламентлик сораўдағы айырым мәселелер системалы түрде әмелге асырылмағанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, миллий социаллық тармақлар ҳәм мессенджерлер, мәлимлеме-коммуникация бағдарламаларын жаратыў бойынша алдыңғы сырт еллердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм олардың унамлы тәреплерин миллий әмелиятқа енгизиў жумыслары шөлкемлестирилмеген.

Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы жаслар ҳәм жас өспиримлер ушын қызығыўшылық оятатуғын текстли, фото, видео ҳәм аудиовизуал материалларға бай болған контентлер бар екенлиги, оларда билдирилип атырған мағлыўматлардың ҳақыйқатқа сәйкес келиўи мониторинг ҳәм таллаў етилмеген.

Мәлимлеме мәканында Өзбекстанның тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнерин және илимди үгит-нәсиятлаўды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар талап дәрежесинде алып барылмай атыр.

Буннан тысқары, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары, улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларына күнделикли турмысында көп пайдаланылатуғын телефон, компьютер ҳәм усындай басқа да қурылмалардың пайдалы ҳәм зыянлы тәреплерин түсиндириў жумысларына жетерлише итибар қаратылмаған.

Сенаторлар додалаў процесинде ҳүкиметке парламентлик сораўдағы машқалаларды толық сапластырыў мақсетинде айрықша «жол картасы» ислеп шығылыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Парламентлик сораўда атап өтилген мәселелер турақлы қадағалаўда болыўын нәзерде тутыўшы Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Сенат Турғынали Мирзаев ҳәм Нурали Раҳмоновты Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына он жыллық мүддетке сайлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология бойынша комитетиниң 2021-жыл ҳәм 2022-жылдың биринши шерегиндеги жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Есап бериў дәўиринде Комитет тәрепинен өткерилген 47 мәжилисте 140 тан аслам әҳмийетли мәселе көрип шығылған. Аралбойы регионын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген 30 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 14 қарары ҳәм 1 Пәрманының орынланыўы үйренилип, мағлыўматлар таярланған.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы 6 нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң өз-ара муўапықлығы талланып, жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылған.

Комитет тәрепинен қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 26 илаж өткерилип, 5 нызамның орынланыў жағдайы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты үйренилген. Сондай-ақ, министрликлер, уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының 5 есабаты ҳәм 16 мәлимлемеси тыңланған.

Комитет ағзалары тәрепинен тийисли мәмлекетлик ҳәкимият, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерге 105 сенатор сораўы киргизилген ҳәм олардың 87 си унамлы шешилген.

ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда шығыўларға айрықша итибар қаратылған. Комитет жумысына байланыслы бир қатар видеороликлер телеканаллар арқалы эфирге жиберилген, сырт ел ҒХҚда 16 мақала басып шығарылған.

Кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында «Аралға жәрдем» акциясы өткерилип, Арал теңизиниң қурыған түбиндеги киши тоғайлар штабына 5 тоннаға шамалас сексеўил туқымы ҳәм нәллер жеткерип берилген.

Комитет тәрепинен 3 методикалық қолланба ислеп шығылған. «Атмосфера ҳаўасына патасландырыўшы затларды шығарғаны ҳәм ашық суў бассейнлерине паталандырыўшы ақабаларды ағызғаны ушын келтирилген материаллық зыянды анықлаў» методикалық қолланбасы ҳүкиметке киргизилген.

Буннан тысқары, Комитет тәрепинен 2022-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары (ПҚ-4889-санлы қарар) орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаў орнатылған. Президент қарарына муўапық, ҳәзирги күнде 9,1 триллион сумлық  1 139 жойбар иске қосылған болып, 9 152 жумыс орны шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары (ПҚ-5202-санлы қарар) ҳәм Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлардың (ПП-25-санлы Пәрман) орынларда орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаў орнатылған.

Жалпы мәжилисте Комитет тәрепинен келешекте итибар қаратылыўы зәрүр болған мәселелерге айрықша тоқтап өтилди.

Соның ишинде, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўына байланыслы нызам ҳүжжетлери және Аралбойы регионын социаллық-экологиялық жақтан турақлы раўажландырыў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм бағдарламалардың орынланыўы, экологиялық қадағалаўдың жәмәәтши инспекторы институтын жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў, мәмлекет көлеминде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарының әмелге асырылыўы үстинен қатаң парламентлик қадағалаўды алып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, 2022-2025-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының тийисли мақсетлеринде белгиленген тапсырмаларды әмелге асырыўда интакер болыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилис шеңберинде сенаторлар Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселесин де көрип шықты.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен 11 мәселе, соның ишинде, 5 нызам додаланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

ӨзА