Социаллық тармақлар, Telegram мессенджериндеги канал ҳәм топарларда Өзбекстан Президенти тәрепинен 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күнине саўға сыпатында барлық балаларға 200 мың сумнан тарқатылыўына байланыслы хабарлар тарқалмақта.
Antifake каналы бул хабар бойынша мағлыўмат берди.
Онда айтылыўынша, бул хабарлар жалған ҳәм ҳақыйқатқа сәйкес келмейди.
Еслетип өтемиз, алдын Президенттиң пәрманы менен пенсионер, кем тәмийинленген ҳәм майыпларға бир мәртелик жәрдем пулы ажыратылыўы мәлим етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги