«Бийдайды жетистириў ҳәм сатыўда базар принципин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ – 262-санлы, 28.05.2022 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2022-жылдың өниминен суўғарылатуғын майданлардың ҳәр гектарынан орташа 2,5 тоннадан жәми  2 550 мың тонна бийдайдың:

– 1 738,5 мың тоннасы товар бийдай мәмлекетлик ресурсы сыпатында ҳәм 266,5 мың тоннасы туқымлық ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан сатып алынады;

– 500 мың тоннасы фермер хожалықлары ҳәм басқа да бийдай жетистириўшилер тәрепинен кейин ала биржа саўдаларында сатыў ушын Қордың коммерциялық ўәкилинде ўақтынша сақлаўға қабыл етиледи.

2022-жылдың өними ушын бийдай жетистириўшилерден коммерция ўәкилинде ўақтынша сақлаў ушын қабыл етилген товар бийдай 2022-жылдың июль-август айларында биржа саўдалары арқалы сатылады.

Қордың қаржылары есабынан сатып алынған ҳәм бийдай жетистириўшилерден ўақтынша сақлаў ушын қабыл етилген:

– 3 ҳәм оннан жоқары класслардағы бийдай – биржадан сатып алынған бийдайдың 75 процентинен кем болмаған муғдардағы унды биржа саўдалары арқалы сатыў миннетлемесин алған, ун ислеп шығарыў қуўатлылықларына ийе исбилерменлерге;

– 4- ҳәм 5-класслардағы бийдай – барлық исбилерменлерге Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған график тийкарында биржа саўдалары арқалы ҳеш қандай шеклеўлерсиз сатылады.

Алыс, барыў қыйын болған ҳәм таўлы аймақларға ун ҳәм ун өнимлерин жеткерип бериў бойынша транспорт қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи.

Қарарға бола, дәнди қабыл етиў ҳәм қоймаханалардан шығарыў процеси жедел ҳәм ашық-айдын әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде d-xarid.uz мәлимлеме системасы иске қосылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги