Усы жыл 28-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети шөлкемлестирилгениниң 45 жыллығы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан регионында жоқары билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң орны: кеше, бүгин, келешекте» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Дәслеп илаж қатнасыўшылары ҳәр бир факультеттиң турмысы, профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери тәрепинен қолға киргизилип атырған жетискенликлер сәўлелендирилген көргизбени тамаша етти.
Халықаралық илимий-әмелий конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов гүллән жәмәәтти Қарақалпақ мәмлекетлик университети шөлкемлестирилгениниң 45 жыллығы менен қутлықлап, елимизде Президентимиздиң басшылығында жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Буннан кейин университет ректоры, техника илимлериниң докторы, профессор А.Реймов елимиздеги жетекши жоқары оқыў дәргайының ашылыў тарийхы, дәслепки басшылары ҳәм бүгинги күни жасларға заман талабы дәрежесинде билим бериўде жаратылған шараятларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бул оқыў дәргайы республикамыздың илим ҳәм билимлендириў, мәденият ҳәм спорт, тәлим-тәрбия тараўлары сыпатында елимиздиң раўажланыўына хызмет етип келмекте. Әсиресе, жәмийеттиң тийкарғы жетекши күши есапланған жасларды жоқары интеллектуаллық қәбилетли, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий, экономикалық өзгерислерге саналы қатнас жасай алатуғын руўхый дүньясы бай, жетик қәнигелер етип тәрбиялаўда тийкарғы оқыў орынларының бири есапланады.
Бул оқыў дәргайы елимизде Ташкент ҳәм Самарқандтан кейин 1976-жылы ашылған үшинши университет болып табылады. Оның ашылыўы республикамыздың тарийхында үлкен ўақыя болды. Жаңа жоқары оқыў орнының ашылыўы аймағымызда илим ҳәм билимлендириў, мәденият, халық хожалығы ҳәм өндиристиң раўажланыўында түпкиликли тәсир жасады. Өзиниң 45 жыллық тарийхый хызмети дәўиринде университет Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларының арасында жетекши билимлендириў дәргайларының бирине айланды.
Оқыў орнының бүгингидей заманагөй келбетине, қолға киргизилип атырған табысларына мақтаныш сезимлери менен бирге, усы жетискенликлердиң дәреклерине, басып өткен тарийхый жолына нәзер таслап, оны шөлкемлестириў ҳәм аяққа турғызыўдағы машақатлы мийнетлер, тынымсыз исленислер ҳәм усы дәргайға мийнети сиңген инсанлардың уллы хызмети айрықша атап өтилди.
Президентимиздиң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында университеттиң сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы менен бирге ислесиў байланысларын күшейтиў, оқыў процесслерине алдыңғы педагогикалық технологияларды енгизиў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта дүньяның 80 нен алам жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў шәртнамасы дүзилген.
Университетте 2016-2017-оқыў жылында 49 бакалавр тәлим бағдары ҳәм 22 магистратура қәнигелиги болған болса, 2021-2022-оқыў жылында 67 бакалавр ҳәм 50 магистратура қәнигелигинде студентлер билим алмақта. 2016-2017-оқыў жылында 8129 студент болған болса, бүгинги күни олардың саны 25787 ге жетти. Жаңа қәнигеликлердиң ашылыўы Орайлық Азияда бирден-бир есапланған «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы, Үстирт газ химия комплекси сыяқлы гигант кәрханаларға қәнигелер таярлаў бағдарының бир буўыны есапланады.
Жақында жоқары оқыў орынларының абырайлы халықаралық рейтинги есапланған Times Higher Education өзиниң 2022-жыл ушын Impact рейтинги (THE Impact Rankings w0ww) ҳәм AD Scientific Index рейтинг агентлигиниң Top Universities Ranking 2022 нәтийжелерин жәриялады. Усы еки халықаралық рейтингтен Қарақалпақ мәмлекетлик университети мүнәсип орын ийелегенин айрықша атап өтиў керек.
Илажда Россия Федерациясы, Туркия, Беларусь, Малайзия, Қазақстан еллериниң абырайлы жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, елимиздеги бир қатар жоқары оқыў орынларының ўәкиллери өзлериниң қутлықлаўлары менен шығып сөйледи.
-Ҳақыйқатында да, илимий ҳәм кадрлар таярлаў бағдарындағы байланысларымыз жылдан-жылға беккемленип бармақта,-дейди П.М.Машеров атындағы Витебск мәмлекетлик университетиниң ректоры, профессор Валентина Васильевна Богатырёва.-Сонлықтан да жоқары билимлендириў тараўында орны бар дәргайдың жәмәәтин 45 жыллығы менен қутлықлайман ҳәм маман қәнигелер таярлаў жумысларында тасқын табыслар тилеймен.
Қатнасыўшыларға университет шөлкемлестирилгениниң 45 жыллығына бағышланған ҳүжжетли фильм көрсетилди. Студент жаслар тәрепинен байрам концертти қойып берилди.
Халықаралық илимий-әмелий конференция секцияларда даўам етти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы