Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен исбилерменлердиң қатнасыўында быйыл салық ҳәкимшилигине киргизилген соңғы жаңалықлар, өзгерислер ҳәм жеңилликлерге бағышланған әмелий семинар өткерилди.

Семинарда Өзбекстан Республикасының усы жыл 5-майдағы «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамы туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, усы нызам менен кодекстиң әмелдеги 7 статьясына өзгерислер менен қосымшалар киргизилип, салық төлеўшилерге бир қатар ҳуқықлар менен жеңилликлер берилди.

Атап айтқанда, жаңадан пайда етилип атырған бағлар, жүзим ҳәм тут егилген атызлар, тереклердиң қатар араларына аўыл хожалығы егинлерин егиў ушын пайдаланыўына қарамастан, юридикалық тәреплерден өндирилетуғын жер салығы ушын жеңилликлер бес жылға шекем созылды.

Бул жеңиллик кодекстиң алдыңғы редакциясында үш жыл мүддетке берилгени белгиленген еди. Буннан, гүзде егилген жаңа нәллер ушын берилетуғын салық жеңиллигиниң мүддетин есаплап шығарыў кейинги жылдың 1-январынан, бәҳәрде егилген нәллер ушын болса быйылғы салық дәўириниң 1-январынан басланатуғын болды.

Соның менен бирге, усы нызамның 7-бәнтине бола Салық кодексиниң 483-статьясына қосымша қун салығы бойынша өзгерислер киргизилип, Өзбекстан Республикасына өсимлик майы, айғабағар ҳәм зығыр туқымы, сондай-ақ, соя дәнин алып кириў және өсимлик майын (пахта майынан басқа) ислеп шығарыў ямаса реализациялаў бойынша айланыс 2022-жыл 31-декабрьге шекем қосымша қун салығынан азат етиледи. Бул кодекстиң алдыңғы редакциясында 30-апрельге шекем, деп белгиленген еди.

Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги