ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети, Олий Мажлистиң нызамшылық палатасындағы фракциясы ҳәм аймақлық партия шөлкемлериниң қатнасыўында ZOOM платформасы арқалы «Өзбекстан Республикасы Конституциясын жетилистириў бойынша дүзилген миллий комиссия ҳәм конституциялық реформаларды әмелге асырыўда ӨзЛиДеПтиң орны» атамасында кеңейтилген қоспа мәжилис өткерилди.

Мәжилисте партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ветеранлар ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы «Жаслар парламенти»ниң ағзалары ҳәм жергиликли кеңес дупутатларының қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Конституциясын жетилистириўге бағышланған мәжилис өткерилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде Жаңа Өзбекстанды жаратыўдың беккем сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылды.

Күнделикли турмысымызда «инсан ҳуқықлары менен еркинликлери», «нызам үстинлиги», «ашық-айдынлық», «сөз еркинлиги» «дин ҳәм исеним еркинлиги», «жәмийетлик қадағалаў», «гендер теңлиги» сыяқлы фундаменталь демократиялық түсиниклер ҳәм қәдириятлар шынлыққа айланды. Жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық келбети жедел өзгермекте.

Бас нызамымызды өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў оғада жуўапкершиликли, пухта ҳәм узақты ойлап әмелге асырылатуғын процесс болып есапланады. Конституциямызға усы күнге шекем 16 мәрте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген. Өткен жылы болса еки мәрте өзгерислер киргизилген.

Бас нызамымызда әмелге асырылатуғын барлық өзгерислердиң түп мәнисин белгилеп беретуғын тийкарғы идея, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған басламалардың мазмун-мәнисин белгилеп бериўши принцип «Инсан қәдири ушын!» сүрени өзиниң айқын сәўлелениўин таппақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы «Жаслар парламенти»ниң ағзасы Ш.Алламбергенова ҳәм басқа да жаслар шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирип, бул тарийхый процессте жаслар белсенди болыўы кереклигин атап өтти.

Сәўбетлесиў даўамында мәжилисте белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, Конституциялық реформаларды бир аўыздан қоллап-қуўатлаған ҳалда усы бағдарда халық арасында, әсиресе, исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўында тема бойынша ашық сәўбетлесиў, дөгерек сәўбетлесиўлери ҳәм арнаўлы илажларды өткериў, олардың пикир-усынысларын үйрениў, бул бағдардағы жумысларды дурыс шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги