Елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызлардың ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

«Мәҳәлле» қойырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис районы  бөлими жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» фонды тәрепинен шетки аўыллардағы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралардың машқалаларын шешиў, сол арқалы шаңарақларының дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеўге итибар қаратылмақта. Жақында «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйыны «Қырантаў» аўылында жасаўшы 10 ҳаял-қызға тигиў машинасы алып берилди. Нәтийжеде олардың бәнтлиги тәмийинленип, олар аймақ турғынларының буйыртпасы тийкарында жумыс алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги