Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниӊ кандидаты, Алланазар Абдиев пенен оқыўшылардыӊ дөретиўшилик-әдебий ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы, мектептиӊ дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы, шайыр Раўаж Отарбаев жазыўшы Алланазар Абдиевтиӊ өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы кеӊ түрде мағлыўматлар берди.
Кешеде А.Абдиев шығып сөйлеп, мектептеги оқыўшылық дәўири, дөретиўшиликке қойған дәслепки қәдемлери ҳәм устазлары, журналистика ҳәм илимдеги машақатлы жоллары ҳаққында сөз етип, олардыӊ қызықтырған сораўларына жуўап берди.
Кешеде жазыўшы А.Абдиев дөретиўшиликке қызығыўшы оқыўшылардыӊ дөретпелери менен танысып, оларға өзиниӊ баҳалы мәсләҳәтлерин берди.
Сондай-ақ, ушырасыў соӊында Алланазар Абдиев өзи дөреткен шығармалар бойынша шығарылған китаплардан мектеп китапханасына саўға етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы