Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Түркия Республикасы Жоқары кассация судының Бас прокуроры Бекир Шахин менен ушырасты.
Өзбекстан Бас прокуратурасында болып өткен ушырасыў даўамында Түркия делегациясының ўәкиллерине Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында, атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Прокуратура уйымларының жумыс бағдарлары, алып барылып атырған жумыслар менен таныстырылды.
Сөйлесиўде тәреплер өз-ара пайдалы болған кең көлемли мәселелерди додалады ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты.
Ушырасыўда Өзбекстан Бас прокуратурасы ҳәм Түркия Жоқары кассация судының Бас прокуратурасы арасында өз-ара Түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул ҳүжжет прокуратура уйымларының жумыс бағдарлары бойынша алдыңғы тәжирийбе алмасыў арқалы еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Бекир Шахин уйымлараралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын «Өзбекстан Республикасы прокуратурасының ҳүрметли хызметкери» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Мийманлар ушын Бас прокуратура музейине экскурсия шөлкемлестирилди.
Делегация ағзалары музейдиң суд-ҳуқық тараўының әййемги ҳәм орта әсир дәўириндеги мағлыўматларынан баслап, Түркстан АССР, екинши жер жүзилик урыс ҳәм урыстан кейинги жыллар, ғәрезсизлик босағасы және ҳәзирги дәўир тарийхы менен таныстырылды.
Түркия делегациясы ағзалары ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған ҳәм қоршаған орталыққа сән берип турған, «Жаңа Өзбекстан» бағына да барды.
Түркия Республикасв Жоқары кассация судының Бас прокуроры Бекир Шахин Өзбекстан Әдиллик министри Русланбек Давлетов, Жоқары судының баслығы Козимжон Комилов пенен ушырасты.
Ушырасыўлар даўамында өз-ара тәжирийбе алмасыў бағдарында бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА