Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма алтыншы жалпы мәжилиси 2022-жыл 28-май күни саат 10:00де Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының мәжилислер залында өз жумысын баслайды.

Жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилиўи режелестирилген.

Жалпы мәжлис Сенаттың социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей сәўлелендирип барылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги