Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыс орайында 2022-жылдың жаз мәўсиминде балалардың дем алысын шөлкемлестириў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў мәселелерине бағышланған аймақлық семинар өткерилди.

Семинарда тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, Айрықша жағдайлар басқармасының жуўапкер хызметкерлери, республикамыздағы барлық балалар дем алыс орайларының баслықлары, тәрбияшылары, жетекшилер ҳәм аспазлары, улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилетуғын «Саўалландырыў майданшылары»ның жумысларын шөлкемлестириў бойынша қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Муўапықластырыўшы топар баслығының орынбасары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының ўәкили, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамлары Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Султанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әмелге асырылатуғын ўазыйпалар бойынша түсиниклер берилди.

– Семинарда балалардың быйылғы жазғы дем алыў ҳәм саўалландырыў мәўсимин қызықлы ҳәм мазмунлы өткериў бойынша анық илажлар белгиленип, жазғы мәўсимди талап дәрежесинде ҳәр тәреплеме пуқта таярланған режелер тийкарында өткериў мәселелери бойынша халық билимлендириў, ишки ислер, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў министрликлери хызметкерлериниң баянатлары тыңланды,-дейди Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң бөлим меңгериўшиси Г.Тлепов.

Илажда семинар қатнасыўшылары «Ақ кеме» орайындағы 2022-жылғы  жазғы саўалландырыў мәўсимине таярлық жумыслары менен жақыннан танысып, пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги