2018-жылы пайтахтымыздағы «Жаӊабазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 216 орынға мөлшерленген заманагөй мектеп имараты бой тиклеп, өз жумысын баслаған еди. Быйылғы оқыў жылында усы
45-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ 11-класын 26, 9-класын болса, 56 оқыўшы питкерип шықпақта.
Солар арасынан 11-класс питкериўшилери Сәрбиназ Хожабаева мектепти «алтын медаль» менен тамамлап атырған болса, Шахло Абыллаева гандбол, Гүлдана Камалова академиялық ескек есиў спортынан быйылғы жылы Өзбекстан чемпионлары атанып, жоқары оқыў орынларына имтихансыз кириў бахтына миясар болмақта.
Мине бүгин усы оқыў дәргайында мектеп питкериўшилерине арналған «Соӊғы қоӊыраў» кешеси болып өтти.
Кешеде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы директоры Адилбай Есимбетов тәрепинен Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ питкериўши жасларға жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди ҳәм питкериўшилерди быйылғы жылы жоқары оқыў орынларына кириўи ҳәм келешекте ата-анасы менен бирге елимиздиӊ мақтанышына айланатуғын оқымыслы жетик кадрлар болып жетилисиўине тилек билдирди.
-Бизлер ушын оғада қуўанышлы, соныӊ менен бирге қыймас күн,-дейди алтын медаль ийеси Сәрбиназ Хожабаева.-Өйткени бүгин ҳәмме қатары ержетип халық қатарына қосылмақтамыз. Сондай-ақ, бирге оқыған досларымыз бенен айырылысып атырмыз. Қанша қыйын болғаны менен тәлим алған Ана мектебимиз, классларымыз ҳәм устазларымыз бенен хошласыўға мәжбүрмиз. Мен барлық досларымныӊ ҳеш қандай иркинишсиз өзлери қәлеген оқыў орынларыныӊ студентлери болыўына тилеклеспен.
Кешеде билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип киятырған бир қатар муғаллимлер ҳәм мектепти айрықша баҳаларға питкерип атырған питкериўшилерге Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар тапсырды. Илажда соӊғы қоӊыраў қағылып, мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы