Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Заманагөй шараятта дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўы бойынша жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў теориясы ҳәм әмелияты» атамасында еки күнлик халықаралық илимийтеориялық конференция өз жумысын баслады.

Конференция жумысына Россия, Беларусь, Қырғызстан, Қазақстан мәмлекетлеринен, Өзбекстанның ўәлаятларынан тараў қәнигелери, илимпазлар тиккелей ҳәм онлайн тәризинде қатнасып шығып сөйлеп, онда қаралатуғын мәселелер бойынша баянатлар жасалып, пикир-усыныслар билдирилди.

Халықаралық конференцияны өткериўден мақсет – заманагөй шараятта дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында алып барылып атырған реформалардың инсан өмириндеги әҳмийетин ашып бериў, усы тараўдағы жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў теориясы ҳәм әмелиятын талқылаў, сондай-ақ, алдағы ўақытлары халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында маман қәнигелерди таярлаў системасын раўажландырыў ҳәм илимий-педагогикалық, методикалық тийкарларды жетилистириў болып есапланады.

Конференцияны филиал директоры Б.Мәмбетов алып барды.

Онда Бухара мәмлекетлик университетиниң профессоры, тарийх илимлериниң кандидаты С.Иноятов, Беларусь-Өзбекстан қоспа тармақлараралық әмелий-техникалық квалификациялар институтының профессоры, педагогика илимлериниң докторы, халықаралық педагогика илимлери академиясының академиги Ф.Юзликаев, Ош мәмлекетлик университетиниң дене тәрбиясы кафедрасы доценти Б.Кулуев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўдың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Конференцияда дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўы бойынша педагог қәнигелерди таярлаўдың сапасын арттырыў, тараўды раўажландырыў, спортшыларды ҳәм педагог қәнигелерди таярлаўда заманагөй технологиялардың әҳмийети, жасларды спорттың белгили бир түрине таңлап алыў ҳәм бағдарлаўдың методологиялық ҳәм теориялық тәреплери және тараўға байланыслы басқа да мәселелер бойынша мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

– Филиалдың ашылғанына қысқа ўақыт болыўына қарамастан мине екинши мәрте халықаралық конференция өткерип атырмыз. Оған бирге ислесиўши сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, профессор-оқытыўшылар, тараў қәнигелери өзлериниң илимий баянатлары менен қатнасып атыр,-дейди филиал директорының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша орынбасары, доцент М.Айтымбетов. –  Буннан тысқары филиалда илимди және де раўажландырыў мақсетинде «Дене тәрбиясы ҳәм спорт хабаршысы» илимий журналын шөлкемлестиргенбиз.

Сырт еллердиң оннан аслам жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў шәртнамалары дүзилген.

Конференцияның екинши күнинде қатнасыўшылар секцияларға бөлинип, заманагөй шараятта дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў, халықаралық тәжирийбелер, қәнигелерди таярлаўдың инновациялық бағдарлары, дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўы бойынша қәнигелер таярлаўдың социаллық, педагогикалық ҳәм психологиялық тийкарлары, жоқары маманлықтағы спортшы қәнигелерди таярлаўдың медициналық-биологиялық машқалалары, спортшының функционаллық жағдайын баҳалаў машқалалары сыяқлы мәселелер додаланып, пикирлесиў нәзерде тутылған.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги