Кеше Кегейли районындағы Халқабад елатында “Бахытлы” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўы болып өтти.
Сайлаўға МПЖ турғынлары, ҳәттеки, жаслар да белсене қатнасты. Сол қатары мен де өз даўысымды бердим. Дәслеп талабанлар жыйналғанларға және бир мәрте жақыннан таныстырылып, олар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Сайлаў ашық майданда болып, онда ҳәр бир адам өзлери қәлеген талабанға даўысын берди. Тийисли қәнигелер есаплап боламан дегенше жыйналғанларға Кегейли районлық мәденият бөлими тәрепинен таярлап келинген концерт бағдарламасы қойып берилди. Онда айтылған қарақалпақтың миллий қосықлары, дуўтар намалары ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға, соның ишинде, жасы үлкенлерге мәдений азық болды. Олар буннан кеўиллери көтерилип руўхый дем алды, жүзлерине жыллы күлки жуўырды. Қулласы, бир сөз бенен айтқанда, шөлкемлестириўшилер оларды зериктирип қоймады. Сайлаў басқа сайлаўларға қарағанда өзгешерек, байрамдай болып өтти десем де қәтелеспеймен.
Сайлаў жуўмағында талабанлар арасында Айдос Мақсетбаевич Атамуратов 9 даўыс, Ерполат Маратович Бердақов 108 даўыс, Бахтыяр Дүйсенович Бекмуратов 208 даўыс алыўға миясар болды.
Әлбетте, бунда жыйын баслығы сыпатында жумыс ислеп киятырған Бахтыяр Бекмуратов өзиниң халық пенен бирге ислесе алыўы, аймақты абаданластырыўдағы белсенди мийнетлери себепли жеңип шықты деп, ойлаймыз.
Перуза Яқупбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниӊ 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги