Президент Шавкат Мирзиёев 24-май күни нефть-газ шийки затын қазып алыў ҳәм өнимди ислеп шығарыўды кеңейтиў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиздиң Раўажланыў стратегиясында экономиканы либералластырыў ҳәм санааттың жетекши тармақларын трансформациялаў бойынша мәселелер белгиленген.

Соның ишинде, нефть-газ тараўында да трансформация процесслери басланған.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, усы мәселеге итибар қаратып, бул процессти жеделлестириў зәрүр екенин атап өтти. Халықаралық консультантларды тартып, стратегиялық қатнасларды белгилеп алыў, нефть-газ тараўында есап-санақ механизмлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ўазыйпалары қойылды.

Кәрханаларды финанслық саламатландырыў, операциялық нәтийжелиликти арттырыў арқалы қәрежетлерди қысқартыў, басқарыў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестириў бойынша илажлар белгиленди.

Президент тармақ басшыларына халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин жанылғы-энергия дәреклери менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша анық тапсырмалар берди.

Тәбийғый газ тутыныўын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын толық иске түсирип, шығынларды сапластырыў илажлары белгиленди. Ресурсларды ҳәзирден үнемлеў, альтернатив энергиядан пайдаланыўды хошаметлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА