«Соңғы қоңыраў» кешелери өткерилмекте
Бүгин таң азаннан баслап Нөкис қаласындағы барлық мектеплерде «Соңғы қоңыраў» кешелери көтеринкилик руўхта өткерилмекте. Пайтахтымыздағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Мениң мектебим-мениң үйим» сүрени астында питкериў кешеси болып, бул кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, Халық билимлендириў министри Рустем Реймов, қала ҳәкими Утемурат Панаев қатнаспақта. Мектеп питкериўшилерин бүгинги байрам кешеси менен қутлықлап, жоқары оқыў орынларында оқыўын даўам еттириўлерине ҳәм өзлери қәлеген кәсипти ийелеўине тилеклеслик билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов Ҳүрметли Президентимиздиң питкериўшилерге жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги