Адамға жас минген сайын турмыстыӊ ғалма-ғалшылығы менен болып, ол өзиниӊ жақында ғана көрген ўақыясын умытып кете беретуғын әдетке ушырайды екен. Бул инсанныӊ тәбийғый жаратылысы ма яки басқа нәрсе ме, оны бизлер аӊлай бермеймиз.
Бирақ, ҳәр бир саналы адам өзиниӊ бахытлы балалық дәўирин, мектептеги оқыўшылық жылларын ҳеш қашан умытпайды екен. Шымбай районы «Қызылөзек» елатында жайласқан районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебин 1971-1972-оқыў жылында оқып тамамлаған оқыўшылардыӊ 50 жыллық питкериў юбилей кешесинен соӊ, мен жоқарыда атап өткен сөзлердиӊ айқын дәлийлин тапқандай болдым.
Сағынысып көрискен бурынғы класслас оқыўшылардыӊ бир-бирине деген мийирманшылығы ҳәм дослығын көрип, оларға ҳәўес еттим. Кимиси инженер, кимиси муғаллим, кимиси шыпакер, кимиси агроном, кимиси мийирбийке, шофёр, тракторшы болып халық хожалығыныӊ ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет ислеген елимиздиӊ бүгинги күндеги ҳүрметли ветеранлары Ана-мектебинде бир-бири менен көрисип, өзлери сезбеген ҳалда, баяғы мектеп оқыўшыларына айланып қалды. Әсиресе, олардыӊ өзлериниӊ устаз-муғаллимлерин ҳүрметлеўи бүгинги оқыўшыларға ҳақыйқый тәрбия сабағы болған десек, ҳеш алжаспаған боламыз.
Өзлери тәлим алған классларында устазлары менен оқыўшылық жылларын ядқа алған олар, бул өмирден ерте кеткен әдиўли устазлары, класс басшылары ҳәм бирге оқыған марҳум досларын ҳүрмет пенен еске алып, олардыӊ адамгершилик пазыйлетлери, муғаллимшилик кәсибине деген пидайылықларын айтып өтти.
Буннан соӊ мектеп алдында оқыўшылар, муғаллимлер ҳәм ата-аналар менен ушырасыў кешеси болып өтип, оны мектеп директоры Жанар Алиева ашып, илаж қатнасыўшыларын қутлықлады.
-Сизлердиӊ Ана-мектебиӊиз, устазларыӊызға деген жоқары ҳүрметиӊизди, бир-биреўиӊизге болған дослығыӊыз, аўызбиршилигиӊиз, сыйласығыӊызды көрип оннан бүгинги оқыўшыларымыз өзлерине үлги алып, келешекте сизлердей елге белгили инсанлар болыўға ҳәрекет етип, тыянақлы билим алыўға умтылады. Ал, жас кадрларымыз болса, нураный устазларымыздыӊ ҳүрметке бөленгенин көрип, бүгинги ислеп атырған мийнетлериниӊ заяға кетпей, келешекте өзлерине алғыс сыпатында қайтатуғынлығын түсинеди деп ойлайман,-дейди ол өз сөзинде.
Илажда мектеп жәмәәти атынан бурын усы мектепте ислеп кеткен нураный устазлар ҳәм юбилей кешесин шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткен бир қатарға юбилярларға миннетдаршылық билдирилип,оларға Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Сондай-ақ, кешеде Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтыныӊ профессоры Сайлаўбай Генжемуратов, бурын «Тақыятас нефтбазасы» унитар кәрханасы директоры болып ислеген Жумамурат Қәллибеков, «Қызкеткен-Кегейли» ирригация тармақлары басқармасында бөлим баслығы болған Султамурат Байлепесов, 17-мектепте муғаллим болған Перийда Турдымуратовалар шығып сөйлеп, өзлерине тәлим-тәрбия берген Ана-мектеби ҳәм ондағы устазларына шексиз рахметлерин айтып, нураный устазлары, мектеп жәмәәтине ҳәм онда билим алып атырған үлгили оқыўшыларға юбилярлар тәрепинен таярланған естелик саўғаларын тапсырды.
-Ушырасыў кешесине Қанлыкөл районынан келип қатнасып атырман,-дейди бурынғы питкериўшилердиӊ бири Барлықбай Тилеўбаев.-Бүгин балалықта бирге оқыған досларым менен дийдарласқаныма оғада қуўанышлыман. Классларым ҳәм әдиўли устазларымды көрип, балалық жылларға түсип қалғандай болдық. Илайым, елимизде ҳүким сүрип турған тыныш ҳәм абадан заманда ҳәммени усындай шадлы күнлерге жеткере бергей.
Өз гезегинде нураный устазлар атынан Исмайыл ата Отарбаев, Жақсылық ата Абдираманов, Нағмет ата Атаназаровлар шығып сөйлеп, өзлерине көрсетип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм сыйласық ушын кеше шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Салтанатлы кеше мектептиӊ талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы