Бүгин 24-май күни юниорлар арасында қылышласыў спортының сабля түри бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында Нөкис академиялық лицейиниң питкериўшиси Гүлистан Пердебаева (тренери Сәрдар Назарымбетов) биринши орынды жеңип алып, чемпионаттың алтын медалын қолға киргизди.
Қызғын түрде өткен жарыста финалда еки жерлесимиз ушырасты. 15:11 есабында жеңисти қолдан берген Наргиза Коныратбаева (тренери Руслан Султанов) гүмис медаль тағып, екинши орын менен шеклениўине туўра келди. Үшинши орынды ийелен нөкисли жас спортшы Наргиза Жаксыбаева тренери ( Руслан Султанов) чемпионаттың бронза медалына ылайық деп табылды.
Ертең командалар арасында жарыслар даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги