«Бавария» клубы ҳүжимшиси Роберт Левандовски Европада  2021/22-жылғы мәўсимниӊ еӊ жақсы ҳүжимшиси деп табылды.

33 жасар польшалы футболшы Бундеслигадағы өзи қатнасқан 34 ойында 35 гол урып, избе-из екинши мәрте  бул сыйлыққа миясар болды.

Ол гол урыў бойынша көрсеткиште «ПСЖ» форварды Килиан Мбаппе (35ойында 28 гол), «Реал» ҳүжимшиси Карим Бензема (27 гол) ҳәм «Лацио» футболшысы Чиро Иммобилени (27 гол) артта қалдырыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы