Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топарының ағзалары тәрепинен орынларда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, бағдарламаның 199-бәнти (Улыўма билим бериў мектеплериниң кәсип үйрениў нийетинде болған питкериўшилерин мәмлекет тәрепинен кеминде бир кәсипти ийелеўине көмеклесиўши системаны енгизиў бойынша усынысларды киргизиў) ҳәм 211-бәнти (Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тәжирийбе-сынақ жолы менен баслаўыш класс (1-4-класс) оқыўшыларын бийпул аўқат менен тәмийинлеў системасын енгизиў бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилмекте.

Жәмийетлик топар мониторинг жумысларын 2022-жыл 17-май күнинен баслап Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тараўында әмелге асырылып атырылған жумыслар менен танысыўдан баслады.

– Жәмийетлик топар ағзалары тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламаның жоқарыдағы бәнтлери бойынша Нөкис қаласы, Кегейли ҳәм Хожейли районларында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди,-дейди топар баслығы Т.Романов. – Жәмийетшилик мониторинги жумыслары даўам етпекте.

Жәмийетлик топар тәрепинен жәмийетшилик мониторинги Өзбекстан Республикасы «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамы нормалары тийкарында алып барылмақта, жәмийетлик мониторинги жуўмағы нәтийжелеринен соң жәмийетшилик тыңлаўын өткериў режелестирилген.

 

          Қарақалпақстан хабар агентлиги