Шыӊғыс Айтматовтыӊ қолынан студентлик билет ҳәм қызыл диплом алған университеттиӊ дәслепки студенти ҳаққында сөз

Инсан өмири күтилмеген ҳәдийселерге толы болады екен. Буны ҳәрким ҳәр қыйлы түсинеди, түсиндиреди. Быйылғы жылы өзиниӊ 45 жыллық юбилейин белгилеў алдында турған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин қарапайым халық тилинде «қызыл диплом»  менен тамамлаған дәслепки питкериўшилердиӊ бири Нурлыбай аға Ҳәкимовтыӊ да бул бойынша өз түсиниги бар.

Шымбайдыӊ ҳәзирги «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйын аймағындағы  шетки аўыллардыӊ биринде туўылған ол сол аймақтағы 8 жыллық, соӊынан «Таза жол» елатындағы бурынғы Мичурин атындағы мектепти тамамлағаннан соӊ жақсы нийетлер менен Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтыныӊ биология қәнигелигине өз ҳүжжетлерин тапсырады.

-Имтиханларды тапсырыў барысында биология, химия, тарийх, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлериниӊ барлығынан да «4» баҳасы менен өттим,- деп сол жылларды еслейди Нурлыбай аға. Бирақ, мандатқа келгенде бир район, соныӊ ишинде бир Мичурин мектебинен еки оқыўшыны бирден бир қәнигеликке оқыўға қабыллай алмаймыз деп екеўмиздиӊ арамыздан классласым Тазахан Султанованы пединститутқа оқыўға қабыллады. Ал, мен болсам, армияға шақырылып, Нөкис қаласындағы бурынғы «ДОСААФ»қа оқыўға түстим ҳәм ол жердеги 4 айлық шофёрлар курсын тамамлағаннан соӊ Белоруссияға әскерий хызметке жиберилдим.

Армияда генерал-полковниктиӊ шофёры болып хызмет етип жүргенимде мени офицерлер таярлайтуғын әскерий училищеге оқыўға жибермекши болды. Лекин, мениӊ өзим үйде жалғыз бала болғанлықтан, ата-анамды көзим қыймай еки жылдан соӊ аўылға қайттым.

Өзиниӊ әдиўли азаматлық ўазыйпасын орынлап келгеннен соӊ билим алыўға қуштар бул жигит, пединституттыӊ таярлаў курсыныӊ математика бөлимине оқыўға түсип, сол жерде оқып жүргенинде және бир күтилмеген ўақыя жүз береди.

-1975-жылы 7-ноябрь байрамына бағышланып, студентлер арасында ҳәрқыйлы спорт түрлери бойынша жарыс шөлкемлестирилди,-деп өз сөзин даўамлайды ол.-Бурыннан спортқа қызығатуғын болғанлықтан мен жуўырыў бойынша жарысларға қатнастым ҳәм 200 метр аралықта барлық қатнасыўшыларды артта қалдырып 1-орынды ийелеўге миясар болдым. Мениӊ бул жарыста көрсеткен тезлик көрсеткишимди көрген устазымыз Юрий Иванович Кулаков мени өзи басшылық ететуғын факультетке оқыўға мирәт етти…

Бурын институттыӊ имтиханларын жақсы баҳаларға тапсырса да, оқыўға кире алмай писи қурып жүрген Нурлыбай аға Юрий Ивановичтиӊ бул усынысын қуўаныш пенен қарсы алды ҳәм таярлық курсын дене тәрбия қәнигелигине өзгертти.

1975-жылы Қарақалпақстанныӊ сол ўақыттағы басшысы Қәллибек Камаловтыӊ айрықша искерлигиниӊ арқасында бурынғы пединститут базасында Нөкис мәмлекетлик университетин шөлкемлестириў бойынша жоқарғы уйымлардыӊ арнаўлы Қарары қабыл етилип, енди абитуриентлердиӊ ҳүжжетлери университетке оқыў ушын қабыллана баслады.

Бул бахытлы жаслар арасында Нурлыбай Ҳәкимов та бар еди.Сол жылғы имтиханларды үлгили баҳаларға тапсырған ол университеттиӊ ашылыў салтанатына қатнасады ҳәм өзи күтпеген ҳалда сол ўақытта аты пүткил аўқам ҳәм дүнья еллерине кеӊнен танылып киятырған уллы қырғыз жазыўшысы Шыӊғыс Айтматовтыӊ қолынан студентлик билетин алып, елимиздиӊ ардақлы ақсақалы Қәллибек Камаловтыӊ жеке қутлықлаўын еситеди.

Әлбетте, бундай уллы инсанлардыӊ қолынан алып жақсы тилегин еситиў ҳәр кимге де несип ете бермесе керек.

Сол жыллары университеттиӊ агрономия, экономика ҳәм физикалық тәрбия қәнигеликлеринде оқыў мүдетти 4 жыл болған екен. Усы жыллар ишинде «студентликтиӊ алтын дәўири»н мазмунлы өткерип, оқыўды ағла баҳалар менен тамамлаған Нурлыбай Ҳәкимов ушын питкериў кешеси де умытылмастай ўақыя толы болды. Атап айтқанда, ол оқыўда ҳәм жәмийетлик ислерде белсене қатнасқаны ушын университет ректораты ҳәм факультет басшылары тәрепинен жеӊилликли «қызыл диплом»ға ылайық деп  табылып, және бир мәрте күтилмегенде уллы жазыўшы Шыӊғыс Айтматов ҳәм республикамыздыӊ сол ўақыттағы басшысы Қәллибек Камаловтыӊ қолынан диплом алыўға миясар болды. Бул ҳәр бир инсанныӊ өмиринде үлкен бахытлы ўақыя болып есапланады.

Соӊынан устазлары тәрепинен университетке оқытыўшы етип жумысқа қалдырылған ол, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ашылғанға шекем университеттиӊ дене тәрбия факультетинде студентлерге сабақ береди. 1990-2012-жыллары НМПИда оқытыўшы ҳәм декан орынбасары болып жумыс ислеген Нурлыбай аға Ҳәкимов, усы өткен жыллар ишинде университеттиӊ математика қәнигелигиндеги таярлаў курсында бирге оқыған курсласы Кәрима Бекимбетова менен қослас болып, 3 ул, 1 қызды тәрбиялап камалға келтирди. Олардыӊ барлығы да ҳәзир үйли-жайлы болып, халық қатарына қосылып кетти. Солардыӊ ишинде әсиресе, «жаман тил ҳәм көзден сақ болғай» генжетайы Мараттыӊ тәғдири де әкесине уқсап күтилмеген ҳәдийселерге бай десек асыра силтеген болмаймыз.

Атап айтқанда, ол мектепти тамамлағаннан соӊ  Қарақалпақстаннан И.М. Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефт ҳәм газ университетиниӊ Ташкент филиалына мәмлекетлик грант тийкарында кирген ҳәм айрықша диплом менен  тамамлаған туӊғыш жасларымыздыӊ бири болды. Ол усы оқыў орнын тамамлағаннан соӊ «Өзнефтегаз» компаниясыныӊ Ташкенттеги басқармасында 3 жыл жумыс ислейди. Бирақ, илим-билимге қызығыўшы бул жигит өзиниӊ бул жетискенликлери менен шекленип қалмастан, интернет арқалы Германия мәмлекетиниӊ бир неше абырайлы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырып, солардыӊ екеўиниӊ имтиханларынан өтиўге миясар болады. Бул әлбетте, Нурлыбай аға ушын және бир күтилмеген ўақыя еди ҳәм ол буннан әдеўир албырап қалады.

-Баўыр етиӊнен жаралған балаӊныӊ жат журтларға кетиўин ҳеш бир ата-ана көзи қыймаса керек,-деп өз гәпин даўам етти Нурлыбай аға зайыбы Кәрима апа менен бирге.-Лекин, илаж қанша баламыз сол жақта заманагөй билим алыўға оғада қуштарланып турғаннан соӊ оныӊ ырайын жыға алмай, оны Алла-таалаға аманат етип оқыўға жибердик. Баламызды Ташкенттеги жумыс орны да жибергиси келмей алып қалыўға ҳәрекет етти. Бирақ, баламыздыӊ оқыўға деген ықласын көрген басшылар оныӊ жолын тоспады ҳәм Марат балам Гамбург қаласындағы жоқары оқыў орнын табыслы тамамлап шығыўға миясар болды. Ол ҳәзирги күнлери Германияда жасап сол жақта абырайлы бир компанияда бағдарламашы болып жумыс ислемекте. Мине булардыӊ барлығы баламныӊ оқыўға деген ықласы ҳәм устазларыныӊ берген ҳадал тәлим-тәрбиясыныӊ арқасы деп ойлайман.

Шынында да, ҳәр қандай күтилмеген табыстыӊ артында ата-ана ҳәм әдиўли устазларыныӊ ҳадал мийнети, инсанныӊ билим ҳәм илим ийелеўге деген умтылыслары жатады. Буны биз бүгинги мақаламыз қаҳарманы турмысында айқын көргендей болдық.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы