Республикамызда пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаў қызғын даўам етпекте.

Нөкис қаласындағы «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынында да пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў өткерилди.

Ҳәзирги ўақытта бул аймақта 6670 пуқара жасамақта. Соның 4 мыңнан асламын сайлаў жасындағы пуқаралар қурайды. Солардан  сайлаў ўақтында 475 адамға сайлаў миратнамасы берилип, олардың 381и усы сайлаўға қатнасты.

Сайлаўға еки талабан  – Сырғагүл  Есбосынова ҳәм Баҳадыр Атаниязовлар өз кандидатурасын қойды.

– Сайлаў нәтийжесине бола Б.Атаниязов 68 даўыс (17,8 %), ал С.Есбосынова 293 (76,9 %) даўыс топлады,-дейди участканың есап-санақ бөлими ағзасы Ш.Жийемуратов.

С.Есбосынова 2013-жылдан берли «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы лаўазымында ислеп келмекте еди. 23-май күнги болып өткен сайлаўға бола ол өз лаўазымына қайта сайланды.

 

Саёра Айтбаева,

Хатира Турсынғалиева,

ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги