Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлар көлемин кеңейтиў ҳәм пуқаралардың дәраматларын избе-из арттырып барыў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-июньнен баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдары 12 процентке арттырылсын.
- 2022-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 920 000 сум;
базалық есаплаў муғдары – айына 300 000 сум етип белгиленсин.
- Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарының арттырылыўы менен байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплансын.
Жумыс бериўшилерге мийнет ҳақы муғдарын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан аз болмаған жағдайда төлеўди тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына муўапық арттырыў усыныс етилсин.
- Қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба қоммуникациялар агентлиги усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-августтағы «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы ПП-6279-санлы Пәрманының 2-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүдетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 20-май