Қараөзек районында бүгинги күни сегиз аўыл, 5 мәкан пуқаралар жыйынлары болып, оларда 50 мыӊнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.
Республикамыздыӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы бул район аймақларында да Пуқаралар жыйыны баслығы(ақсақалы) сайлаўы шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Кеше район орайындағы «Қараөзек» посёлкалық пуқаралар жыйынында да усындай сайлаў өткерилди. Оған аймақтағы жәми 161 ўәкилден 140 сайлаўшы қатнасты.
Пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына ҳәзирги күнге шекем усы жыйын баслығы болып ислеп киятырған Аманбай Темирханов ҳәм бурын тәбиятты қорғаў тараўында жемисли жумыс ислеген Полат Қудайбергеновлардыӊ кандидатурасы қойылып, талабанлар сайлаўшыларға өзлериниӊ сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырып шығып сөйледи.
Белгиленген сайлаў нызамшылығы тийкарында алып барылған илажда аймақ халқы өзлери мүнәсип деп билген талабанларына даўыс берди ҳәм 63,5 процент даўыс топлаған талабан Аманбай Темирханов Қараөзек ППЖ баслығы лаўазымына тайынланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы