Жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсан етип тәрбиялаўда олардың саўатлылығын арттырыў менен бирге, халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәдений мийраслары менен таныстырыў, руўхый жақтан раўажландырыў, дүньяға көз-қарасын кеңейтиў де әҳмийетли болып есапланады.

Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен аталыққа алынған Нөкис қаласындағы 31-санлы шет тиллерин оқытыўға қәнигелестирилген мектеп оқыўшыларының Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине саяхаты шөлкемлестирилди.

Саяхат даўамында оқыўшылар қарақалпақ халқының миллий қәдириятлары, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген экспонатларды тамашалап, қәнигелерден музей экспонатлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар алды.

– Сондай-ақ, музейде оқыўшыларға бажыхана шегаралары арқалы елимизден нызамсыз түрде алып шығылып кетилиўиниң алды алынып, мәмлекетимиз аймағында сақлап қалынған мәдений мийрас объектлериниң көргизбеси де шөлкемлестирилди,-дейди басқарманың баспасөз хызмети бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Бул илаж оқыўшылар ушын кең қамтыўлы бажыхана жумысларының және бир тәрепин ашыўға имканият жаратты, десек қәтелеспеген боламыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги