Усы жыл 14-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелери мәселелери комитети баслығының орынбасары Т.Романов баянат жасады.
Атап өтилгениндей, нызам жойбары 7 бап, 34 статьядан ибарат. Яғный, ҳәрекеттеги Нызамға салыстырғанда 18 статья менен байытылмақта. Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Сессия күн тәртибиндеги екинши мәселе қала ҳәм районларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығның орынбасары Е.Аташовтың есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, өткен жылы ҳәр бир қала ҳәм районнан 34 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 775 объектте 245,6 миллиард сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Быйылғы жылы болса, 9 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде, 8 улыўма билим бериў мектебинде, 4 денсаўлықты сақлаў объектинде, 14 пуқаралар жыйыны имаратында қурылыс жумысларын алып барыў, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў мақсетинде 197 километр жаңа тармақ қурыў ҳәм 41 километр тармақты реконструкциялаў, 18 суў объектин қурыў ҳәм реконструкциялаў, 278,3 километр ишки жолларды оңлаў, 159,5 километр электр тармағын тартыў ҳәм 51 трансформатор орнатыў, 9,4 километр ирригация ҳәм мелиорация тармағын оңлаў, 40,9 километр газ тармағын жақсылаў ҳәм 83 дана газ бөлистириў пунктин алмастырыў, 47,3 километр пиядалар жолын қурыў режелестирилген.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 28-майдағы «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың 2021-2022-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген илажлар режесининиң орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының мәлимлемеси ҳаққындағы, Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабаты туўралы мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сондай-ақ, сессияда Мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы «Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары талапларының республикамызда өткен жыл даўамында орынланыўы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң мәлимлемеси туўралы мәселе көрип шығылды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессия соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселе көрип шығылып, бул бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери