Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-майдағы «2022-2026-жыллары халық билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-134-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бул бағдарда мектеп директоры, ата-аналар ҳәм мәҳәлле баслықларының жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьден баслап республиканың барлық район (қала)лары кесиминде үлгили мектеплердиң рейтингин (кейинги орынларда – рейтинг) қәлиплестирсин ҳәм жәриялап барсын.
рейтинг шеңберинде ҳәр оқыў жылының жуўмағында улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жағдайы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған нормалар бойынша баҳалап барылатуғыны;
улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жағдайын баҳалаў ҳәм рейтингин жүргизиў ушын район (қала)лық халық билимлендириў бөлимлери баслықларының басшылығында арнаўлы комиссиялар дүзилетуғыны;
улыўма орта билимлендириў мәкемелери рейтинг көрсеткишлери тийкарында «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» категорияларға ажыратылатуғыны;
рейтинг көрсеткишлери тийкарында «қызыл» категорияға киргизилген улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша зәрүр илажлар көрилетуғыны белгиленсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), Қорғаныў министрлиги (Б.Курбанов), Миллий гвардия (Р.Джураев), Жаслар ислери агентлиги (А.Саъдуллаев), Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.Ходжиматов) басқа да министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьден баслап рейтинг көрсеткишлери тийкарында «қызыл» категорияға киргизилген улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде:
зыялы ҳәм нуранийлар, алдынғы исбилерменлер, кластер ҳәм санаат кәрханаларының басшылары, белгили көркем өнер ғайраткерлери, спортшы ҳәм актёрлар, белгили блогерлерди тартқан ҳалда мектеп оқыўшылары менен ушырасыўлар, мотивациялық сәўбетлер ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестирсин;
мектеп оқыўшылары ушын «Ўатансүйиўшилик» сабақларын ҳәм полигонларда 2 күнлик әскерий дала шынығыўларын өткериў және оларды шабандозлар мектеплерине тартыў илажларын көрсин, әскерий бөлим офицерлери, сержантлары ҳәм Қураллы Күшлер ветеранларының қатнасыўында «Ўатан тынышлығына ҳәммемиз жуўапкер!», «Ўатан азатлығы – бахыт гиреўи!», «Ўатанға хызмет – жоқары пазыйлет» темаларында дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирсин;
оқыўшылардың архитектуралық ҳәм тарийхый естеликлер, мәденият мәкемелери ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларға барыўын шөлкемлестирсин;
оқыўшылардың қызығыўшылықлары, талап ҳәм тилеклеринен келип шығып спорт жарыслары, концерт тамашалары ҳәм көркем шығармалардың көргизбелерин өткерсин;
уллы ата-бабаларымыздың илимий ҳәм мәдений мийрасы, олардың ибратлы турмыс жолы ҳәм жәҳән цивилизациясын раўажландырыўға қосқан үлеслерине байланыслы үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барсын, уллы уламалардың туўылған сәнелерине бағышланған илимий ҳәптеликлер, семинар ҳәм конференциялар шөлкемлестирсин;
турмыслық мысаллар тийкарында ата-аналардың перзентлери тәрбиясындағы орны, миннетлемеси ҳәм жуўапкершилиги ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барсын, оларды қызықтырған және қәўетерге салып атырған мәселелер бойынша ашықтан-ашық сәўбетлер ҳәм оқыў-семинарларды шөлкемлестирсин.
Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (Т.Худайбергенов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимликлери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте ҳәр шеректе үлгили оқыўшылардың ата-аналарын хошаметлеў, оларға «миннетдаршылық хаты»н тапсырыў ҳәм саўғалар бериў, сондай-ақ, жумысын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў әмелиятын жолға қойсын.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов):
2022-жыл 1-августқа шекем улыўма орта билимлендириў мәкемесиндеги ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын қайта көрип шықсын және оларда мектеп ҳәм ата-ананың бала тәрбиясындағы орны менен жуўапкершилигин, олардың тәлим-тәрбия процесиндеги қатнасыўын ҳәм миннетлемесин белгилесин;
улыўма орта билимлендириў мәкемесиндеги ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын өзиниң рәсмий веб-сайты ҳәм «my.maktab.uz» мәлимлеме системасында жайластырсын;
2022-жыл 1-сентябрьден баслап, мектеп оқыўшыларының ата-аналарын «my.maktab.uz» мәлимлеме системасы арқалы улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары менен таныстырып барсын.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилилин арттырыў концепциясын тастыйықласын.
- Улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-коммуникация технологияларының инфраструктурасын жақсылаў, компьютер класс ханаларын заманагөй техникалар ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў ушын:
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен келискен ҳалда 2022-жыл 1-сентябрьге шекем 2023-2024-жылларда мектеплерде пүткиллей ескирген компьютер ханаларын жаңалаў бойынша бағдарламаны Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2023-2024-жылларда мектеплерде пүткиллей ескирген компьютер ханаларын жаңалаў бойынша бағдарламаны қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети есабынан 200 миллиард сум, жергиликли бюджетлер есабынан 200 миллиард сум муғдарында қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин;
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-2023-оқыў жыланан баслап 400 ге шекемги оқыўшысы болған улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде Интернет тезлиги кеминде 40 Мбит/с, оқыўшылардың саны 400 ден жоқары болғанларда – кеминде 100 Мбит/с болыўын тәмийинлесин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери улыўма орта билимлендириў мәкемелерин жоқары тезликтеги Интернетке жалғаў ушын зәрүр қаржыларды ажыратсын;
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) 2023-жылдан баслап ҳәр жылы 1-августқа шекем Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Қаржы министрлигине улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде пүткиллей ескирген компьютер техникасы ҳаққында мағлыўматларды берип барсын;
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2024-жылдан баслап ҳәр жылы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен усынылатуғын мағлыўматлар тийкарында улыўма орта билимлендириў мәкемелерин заманагөй компьютерлер менен тәмийинлеў бойынша қаржыландырыў дәреклерин анықласын.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте:
2022-жыл 1-сентябрьге шекем пән муғаллими ҳәм мектеп директоры лаўазымлары ушын таңлаўда қатнасыўға онлайн арза тапсырыў ҳәм талабан ҳаққында мағлыўматларды жайластырыў имканиятын беретуғын арнаўлы электрон порталды жаратсын;
арнаўлы электрон порталда әмелдеги ҳәм келешектеги кадрларға болған талап, сондай-ақ, вакант лаўазымлар ҳаққындағы мағлыўматларды улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм пәнлер кесиминде жайластырыў арқалы миллий кадрлар резервин қәлиплестирсин.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) 2022-жыл 1-августқа шекем өз мәлимлеме системаларының «Электрон ҳүкимет» уйымлараралық интеграция платформасы арқалы арнаўлы электрон портал менен интеграциясын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Қурылыс министрлиги (Б.Зокиров) ҳәм Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) 2022-2026-жылларда улыўма орта билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў есабынан 1,2 миллион оқыўшы орны муғдарындағы жаңа қуўатлылықлардың жаратылыўын тәмийинлесин.
2022-2026-жылларда улыўма орта билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм үскенелеўдиң тийкарғы прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Тийкарғы прогноз көрсеткишлерине муўапық улыўма орта билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм үскенелеў – Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылатуғын қаржылар, Мәмлекетлик бюджет қаржылары, халықаралық финанс институтларының кредитлери ҳәм грантлары, қәўендерлик қайырқомлықлары, жеке меншик шериклер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң қаржылары, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 2022-2026-жылларда улыўма орта билимлендириўде 700 мың оқыўшы орны муғдарындағы жаңа қуўатлылықлардың жаратылыўын тәмийинлесин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов) менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылынан баслап:
баслаўыш класс оқыўшыларына оқыў режеге киргизилген пәнлер шеңберинде мийнет базарында бар ҳәр қыйлы кәсиплер ҳаққында түсиниклер берип барсын;
кәсип ийелериниң мийнет жолы менен жақыннан танысыў мақсетинде 5-7-класс оқыўшылары ушын ҳәр қыйлы ушырасыў ҳәм көшпели сабақларды шөлкемлестирсин;
7-9-класс оқыўшыларының кәсипке бейимлилигин анықлаў бойынша диагностикаларын өткерип барсын ҳәм нәтийжелеринен келип шығып, өндирис кәрханалары, өнерментшилик орайлары ҳәм басқа да шөлкемлерге экскурсиялар шөлкемлестирсин;
аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалы ҳәм өсиў ноқатларына муўапық мектеп оқыўшылары ушын тийкарғы кәсиплерди белгилесин ҳәм 10- ҳәм 11-класс оқыўшыларын усы кәсиплерге, соның ишинде, кәсип өнерге оқытыў орайлары, мәҳәлле халқын кәсипке оқытыў орынлары, қысқа мүддетли курслар ашылған билимлендириў мәкемелеринде оқытыў илажларын көрсин.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Қурылыс министрлиги (Б.Зокиров), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) 2022-жыл 1-августқа шекем улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң технология пәни устаханалары ҳәм кәсип өнер әмелияты ханаларының үлги жойбарларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2022-2023-оқыў жылынан баслап тастыйықланған үлги жойбарлары тийкарында улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң технология пәни устаханалары ҳәм кәсип өнер әмелияты ханаларын басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў илажларын көрсин.
- 2023-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) улыўма орта билимлендириў шөлкемлери ҳәр 11 жылда кеминде бир мәрте мәжбүрий түрде аттестация ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериледи. Онда, улыўма орта билимлендириў шөлкемлери мүддеттен алдын аттестация ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан шәртнама тийкарында өтиўи мүмкин;
б) улыўма орта билимлендириў шөлкемлери төмендеги тәртипте аттестация ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериледи:
жумыс алып барып атырған улыўма орта билимлендириў шөлкемлери – әмелдеги аккредитация сертификатының мүддети тамам болғанынан кейин 11 жыл мүддетке;
жаңадан шөлкемлестирилетуғын улыўма орта билимлендириў шөлкемлери – олар шөлкемлестирилген ўақыттан баслап (белгиленген тәртипте лицензия алған ўақыттан баслап) 11 жыл мүддетке;
в) мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде қәўип-қәтерлердиң талланыўына тийкарланған билимлендириў сапасы мониторинги енгизиледи. Онда:
мониторинг нәтийжелери бойынша билимлендириў сапасында төменлеў бақланған мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысы өз алдына режеге муўапық орнына шыққан ҳалда үйрениледи;
орнына шығып үйрениў нәтийжеси бойынша мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкеми ушын жумыс нәтийжелилигин жақсылаў бойынша «жол карта»сы ислеп шығылады;
«жол карта»сында белгиленген илажлар өз ўақтында ҳәм керекли дәрежеде орынланыўы ушын улыўма орта билимлендириў мәкемесине район (қала) ҳәкимликлери ҳәм халық билимлендириў бөлимлери жәрдем көрсетеди;
г) үзликсиз үш жыл даўамында жумыс нәтийжелилигиниң дәрежеси жоқары болған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде тексериўлер шөлкемлестириўге 3 жыл мүддетке мораторий енгизиледи (потенциал коррупциоген жағдайлар буған кирмейди).
- Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (У.Ташкенбаев) ҳәм Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) 2022-жыл 1-октябрьге шекем:
мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде қәўип-қәтерлердиң талланыўына тийкарланған билимлендириў сапасының мониторингин әмелге асырыў тәртибин;
мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын ишки ҳәм сыртқы баҳалаўдан өткериўдиң әпиўайыластырылған тәртибин белгилейтуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәмлекетлик тест орайы (М.Каримов) Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем 2024-жылдан баслап улыўма орта ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери ҳәм кәсип өнер мектеплериниң питкериўшилери ушын жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияны Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен имтиханлар тәризинде өткериўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Халық билимлендириў министрлигиниң:
билим бериўге мөлшерленген имаратлары ҳәм объектлерин билимлендириў тараўынан тысқары басқа да мақсетлер ушын юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге берилиўи қадаған етилетуғыны;
билим бериўге мөлшерленген, бос турған имаратлар ҳәм объектлерди басқа физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге бериў олар жайласқан аймақтың кеминде 5 жыллың демографиялық көрсеткишлерин есапқа алып, халық билимлендириў министриниң келисимин алған ҳалда әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:
халық билимлендириў системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшыларына бюджеттен тысқары қаржыларын бийғәрез қарамағына өткериў ҳуқықы бериледи;
2025-жыл 1-январьға шекем халық билимлендириў системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерге социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди;
қосымша хызмет көрсетиўден түскен бюджеттен тысқары қаржыларды жасырған, сондай-ақ, хызметкерлерге рәсмий емес мийнет ҳақы төлеген халық билимлендириў системасындағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине:
Халық билимлендириў системасын реформалаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы кеңеслери тәрепинен тастыйықланған аймақлық бағдарламаларда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
ҳәр шеректе аймақлық бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслериниң сессияларында додалап барыў ҳәм Халық билимлендириў системасын реформалаў бойынша миллий кеңеске бул ҳаққында мәлимлеме киргизилиўин тәмийинлеў;
аймақтағы халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм олардың инфраструктурасын жақсылаў;
халық билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў, оларға тутас аймақларды абаданластырыў, инфраструктураны (тротуарлар, жоллар ҳәм басқалар) зәрүр жағдайда сақлаў бойынша буйыртпашы функциясын әмелге асырыў;
халық билимлендириў мәкемелерин электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, зәрүр санитариялық-гигиеналық шараятлар ҳәм басқа да коммуналлық хызметлер менен үзликсиз тәмийинлеў;
районлар (қалалар)ды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшылары менен биргеликте халық билимлендириў мәкемелерин оқыў жылына ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге өз ўақтында және нәтийжели таярлаў илажларын әмелге асырыў;
улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў, соның ишинде, аймақлардың әтирапын ораў, оларға ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша инспекторларды бириктириў, видеобақлаў камералары ҳәм өртке қарсы сигнализация системаларын орнатыў илажларын көриў;
халық билимлендириў мәкемелери аймағының ҳәм көшпес мүлкиниң пүтинлигин ҳәм қол қатылмаслығын белгиленген тәртипте тәмийинлеў;
улыўма орта билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў ушын инвестицияларды ҳәм қәўендерлик жәрдемин тартыўға жәрдемлесиў;
халық билимлендириў мәкемелерине жәрдемлесиў мәселелери бойынша министрликлер, уйым ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық бөлимлери басшыларының есабатларын белгиленген тәртипте тыңлаў;
муғаллим кәсибиниң статусы менен абырайын арттырыў, оларға мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, педагоглардың абырайы ҳәм қәдир-қымбатының кемситилиўине жол қоймаў ҳәм жумысына араласпаў;
оқыўшылардың сана-сезимине ўатансүйиўшилик ҳәм миллий қәдириятларды сиңдириў, бай мәдений-тарийхый мийрас, миллий үрп-әдетлер, уллы ата-бабаларымыздың руўхый мийрасын үйрениўи ушын шараятларды жаратыўда сектор басшыларын ҳәм жуўапкер шөлкемлерди кеңнен тартыў;
тараў хызметкерлери, билимлендириў мәкемелериниң басшылары, педагоглардың Жаңа Өзбекстанның раўажланыўындағы жеке үлеси, оқыўшыларды ҳәр тәреплеме жетик әўлад етип тәрбиялаўдағы жуўапкершиликлерин сезиўи ушын үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў жумысларын алып барыў;
басшы ҳәм педагог кадрлар тәрепинен билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды, тараўда енгизилип атырған жаңалықларды және де кеңирек үгит-нәсиятлаўды, оқыўшылардың кәсиплик ҳәм жеке раўажланыўы ушын керекли болған мағлыўматларды алыўы ушын имканиятларды кеңейтиў, олардың билими ҳәм ой-пикирин арттырыў мақсетинде халық билимлендириў бағдарындағы баспа басылымларын билимлендириў мәкемелерине жеткерип бериўди тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип халық билимлендириў министри Б.О.Саидов, қаржы министри Т.А.Ишметов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 11-май