Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мектеп оқыўшыларының билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, оларды миллий және улыўма инсаныйлық қәдирийатларға садықлық руўхында тәрбиялаў, муғаллим кәсибиниң абырайын ҳәм педагоглардың сапа қурамын арттырыў, сабақлықлар ҳәм оқыў методикалық комплекслерди заман талаплары тийкарында жетилистириў, халық билимлендириў мәкемелериниң халықаралық стандартларға жуўап беретуғын заманагөй моделлерин қурыў мақсетинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:
- 2022-2026-жыллары халық билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарлама (кейинги орынларда – Раўажландырыў бағдарламасы) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Раўажландырыў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
меткеп билимлендириўине алдыңғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында ислеп шығылған Миллий оқыў бағдарламасын толық енгизиў және жергиликли ҳәм сырт ел авторлары тәрепинен жаратылған заманагөй сабақлықларды әмелиятқа киргизиў;
жәмийетте муғаллим кәсибиниң абырайын арттырыў, педагоглар ушын қолайлы социаллық шараятлар жаратыў ҳәм мийнетин мүнәсип хошаметлеў;
муғаллимлердиң жасларға тәлим-тәрбия бериўдеги жуўапкершилигин, турақлы кәсиплик раўажланыўдағы талапшаңлығын арттырыў;
улыўма орта билимлендириў мәкемелери ушын миллий кадрлар резервин қәлиплестириў, алдыңғы мектеп директоры ҳәм үлгили муғаллим нормаларын ислеп шығыў ҳәм олар тийкарында басшы ҳәм педагог кадрлардың жумысын баҳалап барыў;
улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық жумысларын системалы шөлкемлестириў, бул бағдарда үзликсиз мониторинг, баҳалаў ҳәм прогнозлаў механизмлерин жолға қойыў, баланың тәлим-тәрбиясында шаңарақ, әсиресе, ата-ананың ролин арттырыў;
оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды кәсиплерге бағдарлаў системасын жетилистириў;
өз алдына билимлендириўге талабы болған балалардың халық билимлендириў системасына интеграциясын күшейтиў ҳәм инклюзив билимлендириў процесслерин жеделлестириў;
улыўма орта билимлендириўде барлық мағлыўмат алмасыў процесслери Халық билимлендириўи системасын басқарыўдың бирден-бир бағдарламалық комплекси арқалы әмелге асырылыўын және бул тараўда электрон мәмлекетлик хызметлер көлемин кеңейтиў;
улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң гезеклилик коэффициентин оптимал дәрежеге жеткериў, заманагөй моделлер бойынша мектеплерди қурыў, реконструкциялаў, толық оңлаў ҳәм зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў.
- Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен халықаралық ҳәм жергиликли экспертлердиң қатнасыўында Миллий оқыў бағдарламасының жаратылғанлығы ҳәм 2021-2022-оқыў жылынан баслап 1- ҳәм 2-классларда 252 атамадағы жаңа заманагөй сабақлықлар, оқыўшының шынығыў дәптерлери және педагоглар ушын оқыў қолланбаларының енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов):
а) 2024-жыл 1-сентябрьге шекем Миллий оқыў бағдарламасының билимлендириў процесине толық енгизилиўин, соның ишинде, 2022-жылдың жуўмағына шекем 3-, 6-, 7- ҳәм 10-класслар ушын, 2023-2024-жыллары 4-, 5-, 8-, 9- ҳәм 11-класслар ушын сабақлықлар, шынығыў дәптерлери ҳәм оқыў қолланбалар жаратылыўын тәмийинлесин;
б) арнаўлы электрон системалар (S-testing, Onlineedu, Raqamli darsliklar ҳәм басқалар):
2022-жылдың ақырына шекем жаңа әўлад сабақлықлары ушын 10 мобиль электрон ресурс ҳәм 100 мультимедиа өнимлерин жаратсын;
2022-жыл 1-сентябрьге шекем 3-, 6-, 7- ҳәм 10-класс муғаллимлерин Миллий оқыў бағдарламасы тийкарында ислеп шығылған қысқа мүддетли қәнигелигин арттырыў курсларында оқытсын;
в) педагог кадрлар және оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў нәтийжелери бойынша анықланған бослықлардан, сондай-ақ, ата-аналар, экспертлер ҳәм басқа да пуқаралардың усынысларынан келип шығып, Миллий оқыў бағдарламасын турақлы түрде жетилистирип барсын.
- Мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў мәкемелерине Халық билимлендириў министрлиги менен келискен ҳалда оқыў процесине халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, соның ишинде, мәмлекетлик тәлим стандартлары шеңберинде оқыў бағдарламаларына өзгерислер киргизиў ҳәм сабақлықларды таңлаўға (ана тили, әдебият, тарийх, тәрбия ҳәм ҳуқық пәнлеринен тысқары) руқсат етилсин.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) :
бир ай мүддетте мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң оқыў процесине халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў тәртибин тастыйықласын;
еки ай мүддетте халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларының дизимин қәлиплестирсин ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайтына жайластырсын;
улыўма орта билимлендириў мәкемелерине олардың оқыў процесине халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге жәрдемлессин, соның ишинде, билимлендириў тараўында хызмет ететуғын сырт ел шөлкемлери менен сөйлесиўлер алып барсын және бағдарламаларды сатып алыў ҳәм әмелиятта қолланыў ушын зәрүр қаржылар ажыратсын.
- Халық билимлендириў министрлигинен тысқары басқа министрликлер ҳәм уйымларға улыўма орта билимлендириўдиң оқыў-режелери ҳәм бағдарламаларына өзгерислер киргизиў ҳәм мектеплерде жаңа пән енгизиўди нәзерде тутатуғын нызамшылық ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша баслама менен шығыў қадаған етилсин.
Министрлер Кабинети министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен усы бәнтте нәзерде тутылған қадағалаўға әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Төмендегилер шөлкемлестирилсин:
Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм оларлың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайлары тийкарында Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайлары (кейинги орынларда – Педагогика орайлары);
А.Авлоний атындағы халық билимлендириў машқалаларын үйрениў ҳәм перспективаларын белгилеў илимий-изертлеў институты тийкарында А.Авлоний атындағы педагогларды кәсиплик раўажландырыў ҳәм жаңа методикаларға үйретиў миллий-изертлеў институты (кейинги орынларда – Миллий-изертлеў институты).
Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети (кейинги орынларда – Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети) және оның жанындағы билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлер Халық билимлендириў министрлиги қарамағына өткерилсин.
Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети педагогика бағдары бойынша оқыў бағдарламаларды ислеп шығыўда жетекши жоқары билимлендириў мәкемеси етип белгиленсин.
- Халық билимлендириў министрлигиниң педагог кадрларды компетенцияларға тийкарланған ҳәм кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған методикалар (кейинги орынларда – заманагөй методикалар) бойынша оқытыў әмелиятын енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов), Мектепке шекемги билимлендириў (А.Шин) және Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў инспекциясы (У.Ташкенбаев) менен биргеликте педагог кадрларды заманагөй методикалар тийкарында оқытыў әмелиятын енгизиў ушын:
а) педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бағдарында:
2022-жыл 1-сентябрьге шекем Педагогика орайларына анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша тәжирийбели сырт ел қәнигелерин тартсын;
2022-жыл 1-июльге шекем Педагогика орайлары жанында сырт ел қәнигелери, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери және Педагогика орайларының маман қәнигелеринен ибарат болған тренерлер топарларын қәлиплестирсин;
2022-жылдың ақырына шекем тренерлер топарлары менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда кеминде 20 процент улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде педагоглар ушын заманагөй методикаларға тийкарланған көшпели оқыў сабақлар ҳәм семинар-тренинглер өткерилиўин тәмийинлесин;
педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыўға тиккелей тартылған тренерлерге олардың жумыс процесиниң нәтийжелилигине қарап, айлық мийнет ҳақысына 100 процентке шекемги муғдарда қосымша үстеме ҳақы төлеп барсын;
2022-жылдың ақырына шекем мектеп муғаллимлери ушын «Үзликсиз кәсиплик тәлим» арнаўлы электрон платформасында педагогикалық жумыстан ажыралмаған ҳалда әмелге асырылатуғын қосымша индивидуал тәжирийбе арттырыў курсларын енгизсин;
б) билимлендириў бағдарламаларын жетилистириў бағдарында:
заманагөй методикаларға тийкарланған билимлендириў бағдарламалары менен сабақлықларды сатып алыў және орта билимлендириў системасына енгизиў илажларын көрсин;
2022-жыл 1-августқа шекем маман сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети және Педагогика орайларының оқыў-режелери менен бағдарламаларын толық қайта көрип шықсын ҳәм халықаралық талаплар тийкарында жетилистирсин;
2023-жыл 1-сентябрьге шекем Республикалық билимлендириў орайы және Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети менен биргеликте билимлендириў процесин Миллий оқыў бағдарламасы тийкарында шөлкемлестириўге қаратылған методикаларды ислеп шықсын ҳәм бул методикалардың улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шөлкемлери, педагогика бағдарындағы профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери және Педагогика орайларында енгизилиўин тәмийинлесин;
в) педагог кадрларды таярлаў бағдарында:
2022-2023-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң күндизги тәлим түринде оқып атырған 2-4-басқыш студентлери ушын ҳәптелик оқыў сабақлары «4+2» тәртибинде, соның ишинде, сабақлардың 4 күни жоқары билимлендириў мәкемесинде, 2 күни улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде әмелият өтеў тәртибинде алып барылыўын тәмийинлесин;
Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги менен биргеликте Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети студентлериниң танысыў ҳәм қәнигелик әмелиятларын, улыўма орта билимлендириў мәкемелери менен бирге Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер де шөлкемлестириў илажларын көрсин;
Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде оқыў бағдарламалары өз-ара жақын болған бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша тийкарғы ҳәм қосымша қәнигелик (квалификация) бериў тәртибин жолға қойсын;
Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети студентлериниң илимий-изертлеў ҳәм кәсиплик көнликпелерин арттырыў мақсетинде сабақ процесслерине тараў қәнигелерин ҳәм илимпазларды тартсын.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) 2022-жылдың ақырына шекем мектеплерде заманагөй методикалар тийкарында оқытыў әмелиятын енгизиў ушын Халық билимлендириў министрлигине зәрүр қаржыларды ажыратсын.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов):
2023-жыл 1-августқа шекем билимлендириў тараўында хызмет көрсетиўши ўәкилликли халықаралық шөлкемлерди (кейинги орынларда – ўәкилликли халықаралық шөлкемлер) тартқан ҳалда педагог кадрлардың улыўма билимлендириў пәнлери бойынша билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаў системасын ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин;
2024-жыл 1-январьға шекем педагог кадрлардың улыўма билимлендириў пәнлери бойынша билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин баҳалаў системасының халықаралық стандартлар талапларына жуўап бериўин сертификациядан өткерсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-сентябрьден баслап Халық билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде:
а) улыўма билимлендириў пәнлери бойынша тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған педагог кадрларға ҳәр айлық қосымша үстеме төмендеги тәртипте төленеди:
халықаралық тән алынған сертификатқа ийе болған педагог кадрларға – олардың тариф ставкасына салыстырмалы түрде 50 процент муғдарында;
халықаралық стандартлар талапларына жуўап беретуғын миллий баҳалаў системасында алынған сертификатқа ийе болған педагог кадрларға – олардың тариф ставкасына салыстырмалы түрде 50 процент муғдарында. Онда, миллий баҳалаў системасының халықаралық стандартлар талапларына жуўап бериўи ўәкилликли халықаралық шөлкемлер тәрепинен тастыйықланған болыўы тийис;
усы бәнттиң төртинши абзацында көрсетилген талапларға муўапық болмаған Мәмлекетлик тест орайының миллий баҳалаў системасында алынған сертификатқа ийе болған педагог кадрларға – олардың тариф ставкасына салыстырмалы түрде 20 процент муғдарында (шет тили бойынша сертификатлар буған кирмейди);
б) усы бәнттиң төртинши абзацында көрсетилген талапларға муўапық болмаған Мәмлекетлик тест орайының миллий баҳалаў системасында шет тили бойынша алынған сертификатқа ийе болған педагог кадрларға ҳәр айлық қосымша үстеме:
2025-жыл 1-январьға шекем – олардың тариф ставкасына салыстырмалы түрде 50 процент муғдарында;
2025-жыл 1-январьдан баслап – олардың тариф ставкасына салыстырмалы түрде 20 процент муғдарында төленеди;
в) ҳәр айлық қосымша үстеме сертификат әмел етиў мүддети даўамында, бирақ үш жылдан көп болмаған ўақыт даўамында төленеди;
г) улыўма билимлендириў пәнлери бойынша бир неше сертификатқа ийе болған педагог кадрларға ҳәр айлық қосымша үстеме жоқарылаў үстеме алыў ҳуқықын бериўши сертификат бойынша төленеди.
Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен келискен ҳалда ҳәр жылы 1-августқа шекем төмендегилерди тастыйықласын ҳәм өзиниң рәсмий веб-сайтына жайластырылыўын тәмийинлесин:
миллий баҳалаў системасының муўапық болыўы зәрүр болған халықаралық стандартлар дизимин;
билимлендириў тараўында хызмет көрсетиўши ўәкилликли халықаралық шөлкемлер дизимин;
халықаралық тән алынған ҳәм миллий баҳалаў системасында берилген сертификатлар (олардың комбинациясы) дизимин және ҳәр айлық үстеме алыў ушын олардың ең аз дәрежесин.
- Мәмлекетлик тест орайы (М.Каримов) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 10-декабрьдеги «Шет тиллерин үйрениў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-1875-санлы қарарына муўапық шет тили пәни муғаллимлерине 30 процент ҳәм 15 процент муғдарында үстеме алыў ҳуқықын беретуғын мағлыўматлар бериў әмелиятын сапластырсын.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 10-декабрьдеги «Шет тиллерин үйрениў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-1875-санлы қарарына муўапық шет тили пәни бойынша мағлыўматнама алған муғаллимлердиң үстемелери, бул мағлыўматлар әмел етиў мүддети даўамында сақлап қалынатуғыны белгиленсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте 2022-жыл 1-декабрьге шекем мектеп директоры лаўазымына кандидатуралардың билимлери менен көнликпелерин баҳалаў және баҳалаў нәтийжеси бойынша оларға менеджерлик сертификатын бериў әмелиятын жолға қойсын.
2023-жыл 1-январьдан баслап:
мектеп директоры лаўазымына талабанлар менеджерлик сертификатын алыў ушын Миллий-изертлеў институтында арнаўлы төлемли бағдарламалар тийкарында жәмәәтте ислеў ҳәм ата-аналар менен қарым-қатнас, басқарыў, финанслық есап-санақларды әмелге асырыў және мәлимлеме-коммуникация технологиялары көнликпелерине оқытылатуғыны;
оқытыў жуўмағы бойынша Миллий-изертлеў институты тәрепинен мектеп директоры лаўазымына талабанлардың басқарыў тараўына байланыслы билимлери менен көнликпелери баҳаланатуғыны ҳәм нәтийжеси бойынша менеджерлик сертификаты берилетуғыны;
мектеп директоры лаўазымына талабанлар тек ғана менеджерлик сертификатына ийе болған шахслар арасынан таңлап алынатуғыны ҳәм келисиў ушын халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине усынылатуғыны;
мектеп директорын жумыс бериўшиниң басламасына бола лаўазымынан босатыў ушын халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери менен келисиў талап етилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Жоқары көрсеткишлерге ерискен педагогларды қосымша хошаметлеў ҳәм тәжирийбели хызметкерлердиң жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў мақсетинде Халық билимлендириў министрлиги жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Халық билимлендириў министри фонды шөлкемлестирилсин.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Халық билимлендириў министриниң қорын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) 2022-жылы Халық билимлендириў министриниң қорына Мәмлекетлик бюджеттен 300 миллиард сум қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- 2022-жыл 1-сентябрьден баслап Халық билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң китапханалары ҳәм «Балалар китапханалары» хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақысының муғдары 1,2 есеге арттырылсын.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы пәрманда белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын тийисли қаржыларды 2023-жылдан баслап Мәмлекетлик параметрлерде нәзерде тутып барсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Халық билимлендириў министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип халық билимлендириў министри Б.О.Саидов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 11-май