Қарақалпақстан радиосына – 90 жыл

Туратуғын едиң, дийўалда –төрде,

Бағана басында, яки өреде,

Бул күнде көрмеймен сени ҳеш жерде,

Музей инвентары болып қалғансаңқ.

 

Сол күни сымыңнан – сум хабар жетип,

Урсы басланғанын сеннен еситтип,

Адамлар бирине-бири ескертип:

– Фронтқа! – деп алғуланы салғансаң.

 

Диктор Юрий Левитанның сөзине,

Ҳәммениң дыққатын тартып өзиңе

Адамлардың жас келтирип көзине,

Силтидей тындырып налып турғансаң.

 

Халық сонша қыйынлыққа төзгенде,

Қара қағаз баўырымызды езгенде,

Душпан оғы бир фазаңды үзгенде,

Ҳәм сыбырлап, ҳәм қырылдап қалғансаң.

 

Генштаб күни-түн көрсетпе берип, –

Жаўды тез жеңиўдиң шарасын көрип,

Жеңистиң хабарын тылға жеткерип:

Ўатан ушын! – деп жар салып турғансаң.

 

Рейхстаг үстине қадалған туўдың,

Желбиреўин айтып бәлентте турдың,

Мәртлигин  тәрийплеп маршал Жуковтың,

Халықлардың руўхын көтерип турғансаң.

 

Фашизмниң күни сөнгенде батып,

9-майдың нурлы таңы атып,

Жеңис күнин жер-жәҳәнге таратып,

Кремльден салют берип турғансаң.

 

Узақбай ПИРЖАНОВ, шайыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги