Кеше Нөкис  Олимпия  резервлери  колледжи  спорт  залында миллий гүрес бойынша 2004-2005-жылы туўылған Жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионатыныӊ ашылыў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан өз аймағында жеӊимпаз болған палўанлар қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери менен басланған чемпионаттыӊ ашылыў мәресиминде  Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры орынбасары-Әскерий прокурор Шухрат Узаков шығып сөйлеп, мәмлекетимизде спортты раўажландырыўға, әсиресе, миллий спорт түрлеримизден есапланған гүрести жаслар арасында кеӊнен раўажландырыў, оларға шараятлар жаратып бериўге айрықша итибар қаратылып киятырғанлығын, буныӊ нәтийжесинде Гүрес бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары өткерилип турақлы  киятырғанлығын мақтаныш пенен атап өтти. Соныӊ ишинде Нөкис қаласында өткерилип атырған бул Өзбекстан бириншилигинде 1-орынды ийелеген жасларға мәмлекетимизде жайласқан Жоқары оқыў орынларына имтихансыз оқыўға кириў мүмкиншилиги жаратылғанлығына да тоқтап өтип, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Ашылыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Президенти кеӊесгөйи Б. Исламов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П. Бобожонов ҳәм басқалар қатнасты ҳәмде гүрес бойынша беллесиўлерди тамашалады.

Ер балалар 50-55-60 кг, қызлар 57-63-70 кг салмақта өз-ара күш сынасып, 50 кг салмақта Ташкент қаласынан Б.Жаббаров, 55 кг да хорезмли Б.Эргашбаев, 60 кг да бухаралы М.Мурадалиевлер, қызлар арасында 44 кг да ферғаналы М.Халмуратова, 48 кг да бухаралы Г.Алишерова, 52 кг да қашқадәрьялы Г.Ўроқовалар 1-орынды ийелеўге миясар болды.

Бүгин ер балалар 66-73-81, қызлар 57-63-70 кг салмақ бойынша өз-ара беллесиўлерге түседи.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы