Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республика экономикасында туризмди стратегиялық дәрежеге көтериў, ишки туризм хызметлерин диверсификациялаў ҳәм көлемин кескин кеңейтиў, пуқараларды елимиздиң туризм потенциалы менен таныстырыў ушын зәрүрли шараятлар жаратыў, берилип атырған туризм хызметлериниң сапасын жақсылаў ҳәм дүнья базарларында бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын қосымша имканиятлар жаратыў, заманагөй хызметлер инфраструктурасын жедел раўажландырыў, сондай-ақ, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм олардың дәрамат дәрегин кеңейтиў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-июньнен баслап «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде:
жәмәәтлик шәртнамаларына жумыс бериўшилер тәрепинен хызметкерлер ушын жылына бир мәрте жергиликли саяхатқа шығыў имканиятын жаратыў қағыйдалары киргизиледи;
саяхат қәрежетлериниң бир бөлеги жумыс бериўшиниң бюджеттен тысқары қоры қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан каплап бериледи.
- Төмендегилер «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде ишки тәризмди раўажландырыў ушын жуўапкер етип белгиленсин:
жасларға, әсиресе, билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы-студентлерине туризмниң тарийхый билим бериўши, мәдений-дем алыс, экстремал, экологиялық, этно- ҳәм пляж туризми түрлери бойынша – Жаслар ислери агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги;
мийнет, мәҳәллелер жәмәәтлери ушын туризмниң исбилерменлик, экстремал, экологиялық, агро-, этно-, гастрономиялық түрлери бойынша – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы және Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги;
ҳаял-қызлар ушын туризмниң зыярат, ағартыўшылық, социаллық, мәдений-дем алыс, экологиялық, этнотуризм түрлери бойынша – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги;
ветеранлар, нураныйлар ҳәм пенсионерлер ушын туризмниң зыярат, медицина, саўалландырыў туризми түрлери бойынша – Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм «Нураный» қоры.
Бул жуўапкер шөлкемлер өз бағдарлары бойынша ҳәр жылы жумыс бериўшилер менен биргеликте хызметкерлердиң республика бойлап саяхатқа шығыўына саяхат графиклерин тастыйықлаўды және саяхатты әмелге асырыўды тәмийинлесин.
- «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде ишки туризмди раўажландырыўды муўапықластырып барыў ушын жуўапкер етип, Туризм ҳәм мәдений мий рас министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери белгиленсин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Қаржы министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2022-жыл 1-сентябрьден баслап Өзбекстан Республикасы пуқаралары (кейинги орынларда – жергиликли туристлер) ушын «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде республика аймақлары бойлап ишки саяхатларды әмелге асырыў қәрежетлериниң бир бөлегин қайтарыў («Cashback») (кейинги орынларда – Саяхат қәрежетлерин қайтарыў) тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) Саяхат қәрежетлерин қайтарыў ишки саяхатларды режелестириў ҳәм қаржыларды қайтарыў және «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде усынылып атырған шегирмелер, таяр туристлик пакетлерди еркин қәлиплестирўди нәзерде тутатуғын электрон платформа, соның ишинде, оның мобиль қосымшасы (кейинги орынларда – Платформа) арқалы әмелге асырылады;
б) Саяхат қәрежетлерин қайтарыў саяхат етиў даўамында бир ўақыттың өзинде төмендегилер нәзерде тутылғанда әмелге асырылады:
авиа, темир жол ҳәм (ямаса) автомобиль транспортынан пайдаланыў;
орналастырыў қураллары хызметлеринен пайдаланыў;
мәденият шөлкемлерине барыў;
в) Саяхат қәрежетлерин қайтарыў ҳәр бир туристке төмендеги муғдарларда әмелге асырылады:
авиақатнаў арқалы барып-келиў билети баҳасының 15 проценти, бирақ 150 мың сумнан аспаған муғдарда;
темир жолда ямаса автобуста барып-келиў билети баҳасының 15 проценти, бирақ 80 мың сумнан аспаған муғдарда;
орналастырыў қуралында түнеп қалыў қәрежетиниң 15 проценти, бирақ 80 мың сумнан аспаған муғдарда;
театр, музей, цирк ҳәм көркем галереяларға ҳәр бир барыў билети баҳасының 50 проценти, бирақ 20 мың сумнан аспаған муғдарда;
г) саяхат қәрежетлери тек ғана Платформа арқалы әмелге асырылған ишки саяхатлар ушын оның жуўмағы менен жергиликли туристлердиң банк карталарына қайтарылады;
д) Платформа Мәмлекетлик салық комитетиниң арнаўлы мобиль қосымшасы (SoliqUz) менен интеграцияланған ҳалда, қәрежетлердиң ҳақыйқыйлығы мобиль қосымшасы жәрдеминде тексерилип, сатып алыў чегиниң матрицалы штрих кодын (QR -код) және жергиликли туристлердиң турақлы жасаў орынларын көрсетиў арқалы саяхатлар дизимнен өткериледи.
- Қаржы министрлиги республика бюджетиниң қосымша қаржылары есабынан саяхат қәрежетлерин қайтарыўды қаржыландырыў ушын усы жылы жәми 30 миллиард сум, соның ишинде, оның биринши басқышын қаржыландырыў ушын бир ҳәпте мүддетте 10 миллиард сум муғдарындағы қаржылардың Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Туризмди қоллап-қуўатлаў қорына (кейинги орынларда – Қор) ажыратылыўын тәмийинлесин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигине Платформаны ислеп шығыў бойынша буйыртпашы болыў, оған хызмет көрсетиў, оның жумысын жетилистирип барыў ҳәм турақлы түрде техникалық қоллап-қуўатлаў функциялары жүкленсин.
- Төмендегилер:
а) Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (А.Абдуҳакимов):
2022-жыл 1-сентябрьге шекем Платформаны ислеп шығыў ҳәм иске қосыў;
2022-жыл 1-октябрьге шекем орналастырыў қураллары, туроператор ҳәм турагентлер, гид (гид-дилмаш), инструктор-жол баслаўшы ҳәм экскурсия жетекшилери Платформа арқалы өз хызметлерин жолға қойыўы ушын барлық шараятларды жаратыў;
туризм тараўы субъектлери арасында Платформаның имканиятларын турақлы үгит-нәсиятлап барыў;
Платформаға хызмет көрсетиў ҳәм кейин ала модернизациялаў және турақлы түрде техникалық қоллап-қуўатлаў илажларын көриў;
б) Транспорт министрлиги (И.Маҳкамов):
Транспорт министрлигиниң «Uztrans» бирден-бир интерактив мәлимлеме системасы, сондай-ақ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Uzbekistan airways» АЖ ҳәм басқа да жолаўшы тасыў лицензиясына ийе шөлкемлердиң электрон билетлерди сатып алыў порталларын Платформаға интеграциялаў ҳәм турақлы түрде үзликсиз жумыс алып барыўын тәмийинлеў;
темир жол қатнаўларының санын көбейтиў ҳәм халықтың саяхат етиўи ушын олардың қолайлы логистикасын жаратыў;
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги және туроператор ҳәм турагентлердиң усынысларына тийкарланып туризм потенциалы жоқары болған район ҳәм қалаларды өз-ара байланыстыратуғын темир жол ҳәм автобус қатнаўларын жеделлик пенен жолға қойыў;
в) Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) ҳәм Мәдений мийрас агентлиги (Ш.Нуруллаев) мәденият шөлкемлери, соның ишинде, материаллық-мәдений мийрас объектлери билет чегиниң фискал белгисин матрицалы штрих код (QR-код) жәрдеминде сканерлеў арқалы Платформада дизимнен өтиў ушын шараят жаратыў;
г) Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Қудбиев) арнаўлы мобиль қосымша (SoliqUz)ны Платформа менен интеграциялаў, сондай-ақ, оның үзликсиз жумыс алып барыўы және хызмет көрсететуғын объектлерде билет чегиниң фискал белгисин матрицалы штрих код (QR-код) жәрдеминде сканерлеў арқалы платформадан дизимнен өткериў ушын шараятлар жаратылғанлығы жағдайын үйрениў мақсетинде турақлы профилактикалық жумыслар алып барылыўын шөлкемлестириў;
д) Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларының бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын Платформаға интеграциялаў ҳәм үзликсиз жумыс алып барыўы бойынша жеке жуўапкер етип белгиленсин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлигиниң «Өзбекстан туризм магистралы» туризм транспорт коридоры (кейинги орынларда – Туризм транспорт коридоры) бойлап автомагистраль жоллары ҳәм инфраструктура жағдайын үйрениў бойынша жумысшы топарының усынысларына муўапық, белгиленген тәртипте Туризм транспорт коридоры бойлап жер участкаларын реализациялаў ҳәм автомагистраль жоллары бойлап заманагөй старндартларға жуўап беретуғын «Кәрўансарай»ларды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Туризм транспорт коридоры бойлап туризм хызметлери жолға қойылатуғын объектлер Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги және Қурылыс министрлиги тәрепинен ислеп шығылатуғын ҳәм тастыйықланатуғын үлгили жойбарлар тийкарында қурылатуғыны белгиленсин. Онда:
ҳәр бир «Кәрўансарай»дың сыртқы көриниси дәстүрий архитектура ҳәм сол аймақтың өзине тәнлигин есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы;
ҳәр бир «Кәрўансарай»да туризм хызметлери, өнерментшилик ҳәм жергиликли аўыл хожалығы өнимлери саўдасы, автомобильлерге, соның ишинде, электромобильлерге хызмет көрсетиў шақапшалары, автомобиль тоқтаў орынлары және заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшалардың болыўы;
«Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде ҳәр бир «Кәрўансарай» әтирапында терек ҳәм пута нәллерин егиў нәзерде тутылады.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги Қурылыс министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети жанындағы кадастр агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте заманагөй «Кәрўансарай»ларды шөлкемлестириў бойынша мәнзилли дизимди қәлиплестирсин ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Жиззақ ҳәм Наўайы ўәлаятлары ҳәкимликлери Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте тийисли түрде Ақшакөл, Ашшы көл, Зикри көл, Айдаркөл, Тузкон көли ҳәм Тудакөл аймақларында ҳайўанат дүньясы объектлерин қорғаў мақсетинде олардың жасаў орталығы, атап айтқанда, тийкарғы жыйналыў орны сыпатында белгиленген аймақларға кирмейтуғын жер майданларында пляж зоналарын шөлкемлестириў ушын жер участкаларын 10 жылға шекемги мүддетке белгиленген тәртипте ижараға бериў илажларын көрсин.
пляж зоналары аймағында экологиялық ҳәм санитариялық талапларға жуўап беретуғын жеңил конструкциялы имарат ҳәм объектлер қурылатуғыны белгиленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Жиззақ ҳәм Наўайы ўәлаятлары ҳәкимликлери санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер категориясына өткерилип атырған аўыл хожалығы жер майданларын реализациялаўда аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы набыт етилиўиниң орнын қаплаў бойынша компенсация төлемлери жер майданы ажыратып берилетуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қапланыўы тәмийинленсин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги Суў хожалығы министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте пляж зоналарының толық режелестириў жойбарларын ислеп шықсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери туризм тараўын раўажландырыўға байланыслы жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде:
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте инвесторлар менен сөйлесиўлер өткериў илажларын көрсин;
Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр жер участкаларында белгиленген тәртипте инвесторларға ажыратып бериў мәселесин көрип шықсын;
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте 2023-2024-жылларда ишки туризм бағдарлары бойынша аймақларда басланатуғын ири туризм жойбарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Жеке туризм шөлкемлери ассоциациясы және Өзбекстан рестораторлары ҳәм отельерлери бирлеспесиниң туризм хызметлерин диверсификациялаў мақсетинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын түнги ўақытта (саат 18:00 ден 06:00ге шекем) әмел ететуғын механизмлерди енгизиў ҳәм раўажланырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
арнаўлы шөлкемлестирилетуғын «туризм көшелери»нде жайласқан улыўма аўқатланыў кәрханалары, кеўилашар ҳәм саўда объектлери, мәденият шөлкемлери (кейинги орынларда – туризм көргизбеси объектлери) жумысын жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм халықтың тынышлығын тәмийинлеген ҳалда тосқынлықсыз әмелге асырыў;
туризм көргизбеси объектлериниң үзликсиз жумыс көрсетиўин тәмийинлеў ушын инфраструктура ҳәм инженерлик-коммуникация системасын буннан былай да жақсылаў;
мәдений-кеўилашар ҳәм концерт тамаша илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
арнаўлы автобуслар (shuttle-bus) қатнаўын жолға қойыў;
туризм көргизбеси объектлериниң жумыс алып барыўына рухсат бериўдиң бирден-бир тәртибин енгизиў ҳәм туризм көргизбеси объектлерин қоллап-қуўатлаў системасын жаратыў;
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) түнги ўақытта жумыс алып баратуғын туризм көргизбеси объектлериниң үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлеў ушын мәмлекет тәрепинен төмендегилер әмелге асырылады:
жумыс ислеп атырған туризм көргизбеси объектлериниң әтирапын үзликсиз жақтыландырыў тәмийинленеди, соның ишинде, бул аймақлар энергия үнемлейтуғын технологиялар ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклери менен үскенеленеди;
туризмди көрсетиў объектлери «Қәўипсиз қала» концепциясына интеграцияланады;
«туризм көшелери»нде жәмийетлик қәўипсизлик нормалары ҳәм талаплары шеңберинде «қәўипсизлик шақырыў түймешелери» орнатылады ҳәм «Wi-Fi» зоналары шөлкемлестириледи;
б) түнги ўақытта жумыс алып барып атырған туризмди көрсетиў объектлерине:
объектлериниң ишки бөлеги, хызмет көрсетиў ханалары, кириў ҳәм шығыў, соның ишинде, айрықша жағдайлар жүз берген жағдайда ҳәрекетлениў ҳәм пуқараларды эвакуациялаў орынларында мағлыўматларды кеминде отыз күн даўамында сақлаў имканиятын беретуғын видеобақлаў системасын орнатыў ҳәм «Қәўипсиз қала» концепциясына интеграциялаў;
имаратлардың әтирапы, автомобиль туратуғын орын ҳәм оларға тийисли басқа да аймақларды кеминде 10 метр аралықта жақтыландырыў;
объектлерди толық даўыс өткермейтуғын тәризде үскенелеў. Онда, түнги ўақытта музыка ҳәм даўыс қүшейтиўши әсбап-үскенелеринен халықтың тынышлығын бузбаған ҳалда пайдаланады;
объектлерди өрт өшириў қураллары, биринши медициналық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар топламына ийе медициналық жәрдем қутылары менен тәмийинлеў;
имараттың ҳәмме ушын көринетуғын орынларында өрт ҳәм басқа да айрықша жағдайлар жүз берген жағдайда ҳәрекетлениў ҳәм пуқараларды эвакуациялаў жобасы ҳәм оператив және қутқарыў хызметлериниң телефон номерлери көрсетилген мағлыўматларды сәўлелендириў талабы белгиленеди.
Мәмлекетлик уйымларға белгиленген тәртипте түнги ўақытта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң жумысына тийкарсыз араласыў, олардың жумысына бюрократиялық тосқынлықлар қойыўға байланыслы болған ҳәр қандай ҳәрекетлер қадаған етилсин.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте зәрүрликке қарап, ҳәр бир аймақта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-январьдағы ПҚ-104-санлы қарары менен тастыйықланған Арнаўлы хызмет көрсетиў көшелерине айландырылатуғын орайлық көшелердиң дизиминде келтирилген айырым көшелерде арнаўлы «туризм көшелери»н шөлкемлестирсин ҳәм усы көшелерде түнги ўақытта туризмди көрсетиў объектлериниң жумыс алып барыўын тәмийинлесин.
- Ишки туризмди диверсификациялаў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Респубикасы Президентиниң 2021-жыл 9-февральдағы ПП-6165-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Транспорт-логистика мәселелерин жеделлик пенен көрип шығыў бойынша уйымлараралық комиссия (А.Абдухакимов, С.Умурзаков) еки ҳәпте мүддетте:
Ферғана ҳәм Самарқанд, Ферғана ҳәм Бухара, Ферғана ҳәм Термиз және Ферғана ҳәм Үргенш қалаларының арасында авиақатнаўларды қайта жолға қойыў мәселеси көрип шығылыўын;
Ферғана – Мойнақ – Ферғана жөнелисинде авиақатнаўлардың шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- 2022-жылдан баслап июль айында «Жаслар туризми айлығы», 2023-жылдан баслап болса январь айының биринши декадасы ҳәм март айының үшинши декадасында – «Жаслар туризми ҳәптелиги»н өткерип барыў жолға қойылсын.
а) «Жаслар туризми айлығы» ҳәм «Жаслар туризми ҳәптелиги» шеңберинде оқыўшы, студент ҳәм жаслардың саяхат топарларын тасыў арнаўлы үскенеленген хызмет автомобильлеринде ишки ислер уйымлары менен биргеликте Ишки ислер министрлиги Арнаўлы бюджеттен тысқары қорының қаржылары есабынан әмелге асыралатуғыны;
б) «Жаслар туризми айлығы» шеңберинде «Жаслар туризми» қурылтайының шөлкемлестирилетуғыны. Онда:
республиканың ҳәр бир аймағынан 50 қәбилетли, социаллық қорғаўға мүтәж, соның ишинде, майыплығы болған ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген оқыўшы, студент ҳәм жаслар тартылатуғыны;
китапқумарлық күнлери, миллий ҳәм этноспорт түрлери бойынша спорт жарыслары ҳәм мәдений-кеўилашар илажлар шөлкемлестирилетуғыны;
жоқары нәтийжелерге ерискен ҳәм жасларға өрнек көрсететуғын спортшылар ҳәм тренерлер және көркем өнер ҳәм мәденият, илим ҳәм бизнес тараўлары ғайраткерлериниң қатнасыўында «шеберлик сабақлары» өткерилетуғыны;
жаслар ушын бизнести шөлкемлестириў, өнерментшилик өнимлерин таярлаў бойынша дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилетуғыны;
жаслар менен белгили театр ҳәм кино дөретиўшилериниң дөретиўшилик сәўбетлесиўлери шөлкемлестирилетуғыны;
«Жаслар туризми» қурылтайы шөлкемлестирилетуғыны ҳәм оған жақын аймақтағы (ўәлаят, қала) туризмди көрсетиў объектлерине саяхатлар шөлкемлестирилетуғыны;
«Жаслар туризми» қурылтайын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Қордың қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
в) Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери «Жаслар туризми» қурылтайын жоқары дәрежеде өткериўге жуўапкер есапланатуғыны белгиленсин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
Дин ислери бойынша комитет пенен биргеликте үш ай мүддетте шөлкем ҳәм уйымларға бириктирилген муқаддес зыярат етиў орынларын динлер классификациясы бойынша (ислам динине тийисли орынлар, иудаизм, христиан, буддизмге тийисли зыярат етиў орынлары ҳәм басқалар) толық хатлаўдан өткерсин;
материаллық мәдений мийрас объектлерин халықаралық стандартлар тийкарында хатлаўдан өткерсин;
2022-жыл 1-сентябрьге шекем республикадағы Муқаддес зыярат етиў орынларының дизимин қәлиплестирсин ҳәм «Uzbekistan.travel» бирден-бир миллий туристлик мәлимлеме порталына жайластырсын;
Жеке меншик туризм шөлкемлери ассоциациясы менен биргеликте Муқаддес зыярат етиў орынлары дизиминдеги объектлердиң республика аймақларының «өзине тартыў ноқаты» сыпатында туризм бағдарларына киргизилиўин ҳәм кеңнен үгит-нәсиятланыўын тәмийинлесин.
- Министрлер Кабинети:
а) бир ай мүддетте Ташкент қаласының туризм инфраструктурасын раўажландырыў арқалы, оны регионаллық туристлик орайға айландырыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарының Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин тәмийинлесин:
ири кеўилашар ҳәм туризм объектлерин (аквапарк, сафари парк, астрономия ҳәм гүл бағы) қурыў бойынша жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, олардың финанслық дәрегин анықлаў;
Ташкент қаласындағы ири музейлер ҳәм Өзбек мәмлекетлик циркин реконструкциялаў, заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында интерактив хызметлерди жолға қойыў, музейлердиң архив фондын тәртипке салыў;
Ташкент қаласында 2022-2024-жылларда шөлкемлестирилетуғын мәдений-кеўилашар илажлар ҳәм фестивальлар, соның ишинде, халықаралық илажлардың календарь режесин белгилеў;
Ташкент қаласының заманагөй ҳәм белгили туристлик брендин ислеп шығыў ҳәм оны үгит-нәсиятлаў бойынша илажларды тастыйықлаў;
б) еки ай мүддетте республикада жаңа аспа жолларды тийисли қәўипсизлик дәрежесин тәмийинлеген ҳалда қурыў ҳәм үскенелеўди жеделлестириў бойынша бағдарламаны тастыйықласын. Онда, аспа жолларды қурыў ушын жоқары потенциалға ийе аймақларды анық белгилеў ҳәм интакерлерге кредит қаржыларын ажыратыў нәзерде тутылсын.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (А.Абдухакимов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) менен биргеликте арнаўлы салық режими енгизилген 28 район ҳәм қаланың 135 мәҳәллеси кесиминде туризмди раўажландырыў бойынша «жол карталары»н тастыйықлап, олардың орынланыўы бойынша ҳәр айда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын. Онда:
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте усы район ҳәм қалалардың мәҳәллелеринде инфраструктураны раўажландырыў жойбарларын әмелге асырсын;
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) усы жылы бул жойбарларды әмелге асырыў ушын республикалық бюджеттен 250 миллиард сум ажыратсын.
- 2022-жыл 1-июльден баслап «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусы берилген пуқаралар жыйынларының аймақларында мийман үйлери, аўқатланыў, кеўилашар орынлар шөлкемлестирген исбилерменлер ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 27-январьдағы «Хызметлер тараўын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-104-санлы қарары 2-бәнтиниң «а» ҳәм «в» киши бәнтлеринде нәзерде тутылған салық жеңилликлери ҳәм қағыйдаларының енгизилетуғыны;
шаңарақлық мийманханаларды оңлаўға 100 миллион сумға шекем, мебель турмыслық техника ҳәм басқа да буйымлар менен үскенелеўге 50 миллион сумға шекем ҳәм жүзиў бассейнлерин шөлкемлестириўге 200 миллион сумға шекем жойбарларды қаржыландырыў ушын исбилерменлерге кредитлер берилетуғыны белгиленсин.
Онда, Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) мийманханаларды шөлкемлестириў ҳәм оларды оңлаў мақсетинде 2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламаларын қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан 100 миллиард сум муғдарындағы қаржылардың қаратылыўын тәмийинлесин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов) Орайлық банк (Б.Зохидов) ҳәм Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Шахриёров) менен биргеликте туризм тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, жайластырыў қураллары ҳәм ири аўқатланыў шақапшалары аймақларында заманагөй жүзиў бассейнлерин қурыў ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-апрельдеги «Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин буннан была да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-212-санлы қарарында нәзерде тутылған қаржылардың 50 миллион АҚШ долларын қаратсын.
Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте жайластырыў қураллары ҳәм ири аўқатланыў шақапшалары аймақларында заманагөй жүзиў бассейнлерин қурыў бойынша мәнзилли жойбарларды қәлиплестирип, Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети 2022-жыл 1-декабрьге шекем аңшылық туризмин раўажландырыў мақсетинде интакерлерди тартқан ҳалда аңшылық хожалығының тийисли инфраструктурасын (қырғаўылхана, ҳайўанлар бағыў орны) биринши гезекте Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында енгизиў илажларын көрсин.
- Туризм тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын:
Орайлық банк (Б.Зохидов) коммерциялық банклер менен биргеликте бир ай мүддетте 1 триллион сум муғдарында кредит ресурсларының;
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафоев) 2022-жылдың ақырына шекем 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылардың тартылыўын тәмийинлесин.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министриниң орынбасарлары:
Б.Шахриёров – инвестициялық бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, туризм инфраструктурасын, туристлик-рекрацион зоналар ҳәм кластерлерди раўажландырыў. Саяхат қәрежетлерин қайтарыў тәртибин енгизиў, министрликтиң қаржы ҳәм бухгалтерия мәселелери;
Б.Ибрагимов – сыртқы, зыярат ҳәм ишки туризм ағымларын арттырыў, ғалабалық илажларды шөлкемлестириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери;
Н.Зикириллаев – билимлендириў, туризм тараўын санластырыў, методология ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен ислесиў, лицензиялаў, сертификатластырыў ҳәм стандартластырыў мәселелери бойынша жуўапкер етип белгиленсин.
Бас министрдиң орынбасары А.Абдухакимов үш күн мүддетте туризм ҳәм мәдений мийрас министри орынбасарларының өзлерине жүкленген ўазыйпалары бойынша 2022-жыл даўамында айма-ай әмелге асырылатуғын илажларды нәзерде тутатуғын ис режеси ҳәм мақсетли көрсеткишлердиң тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Есап палатасы мәдений мийрас объектлериниң хатлаўдан өткерилиўин ҳәм усы қарарға муўапық берилетуғын жеңиллик ҳәм кредитлердиң белгиленген тәртипте ажыратылыўын қадағалап барсын.
- Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 30-апрель