Оман Султанлығының жетекши «Асдо» -«Asdaa Oman» газетасының веб-бетинде Өзбекстан ҳәм Оман арасында дипломатиялық байланыс орнатылғанының 30 жыллығына бағышланған материал жәрияланды.

Улыўма, бул ўақыя мәмлекеттиң ғалаба хабар қуралларында қызғын додаланып, жәмийетшилик тәрепинен жақсы күтип алынды. Төменде усы мақаланың өзбек тилиндеги текстин келтиремиз.

Оман Султаны Уллы Мәртебели Ҳайсам бин Ториқ Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевтан еки дос мәмлекет арасында дипломатиялық байланыс орнатылғанына 30 жыл толыўы мүнәсибети менен қутлқықлаў хатын алды.

Хатта мәмлекет басшысы кейинги ўақытта еллеримиз арасындағы қатнасық сиясий, экономикалық ҳәм мәдений тараўларда раўажланып атырғанын атап өтеди. Уллы Мәртебелиниң еки дос мәмлекет ҳәм халық мәпи, арзыў-нийетлериниң әмелге асыўы жолында өз-ара байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалайды.

Өзбекстан Президенти Уллы Мәртебели Султанды еки тәреплеме қатнасықты және де тереңлестириў мақсетине қаратылған жедел сөйлесиўди даўам еттириў ушын Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти. Өз гезегинде Оман жетекшиси өз-ара пайдалы сөйлесиўдиң алып барылыўы көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли байланысларымыз тарийхында жаңа басқышты баслап беретуғынына исенимин билдирди.

Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң қутлықлаўында Уллы Мәртебелиге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм узақ өмир, Оман халқына раўажланыў, абаданлық ҳәм тынышлық тиледи.

ӨзА