Антон Павлович Чехов   

Рождество қарсаңында колледж хаткери Ефим Фомич Перекладин оғада қапа ҳалда уйқыға жатты. Неге буншелли қапалығын сораған ҳаялына да:

– Жоғал, атаңа нәлет! –деп ашыў менен бақырып жиберди.

Гәп сонда: ол оны қапа қылатуғын жуда көп жағымсыз гәп-сөзлер айтылған отырыспадан қайтқан еди. Басында, олар улыўма билимлендириўдиң әҳмиети, абзаллықлары ҳаққында сәwбетлести, кейин гәп бағдары сезилмес дәрежеде билимлендириў тараўындағы қәнийгелердиң тәжирийбесине аўысты, тәлим сапасының төменлигине көп өкинишлер билдирилди, мысқыллаўлар айтылды.  Соңынан болса, барлық орысларға тән болғанындай, улыўма мәселелерден жеке адамларға өтти.

– Мысалы, сизди алсақ, Йефим Фомич, – деди бир жас жигит Перекладинге.

– Сиз абырайлы орында ислейсиз … мағлыўматыңыз қандай еди?

– Мағлыўмат… ҳешқандай… Бизлерде мағлыўмат талап етпейди, – деди Перекладин қысқа ғана. – Дурыс жазсаң, болды…

– Дурыс жазыўды қаерден үйрендиңиз?

– Үйренип кеттим. … Қырық жыллық хызметте үйренесең, мырза… Әлбетте, алдын қыйын болды, қәте жибердим, кейин әдетленип кеттим… шағым жоқ…

– Иркилис белгилери ше?

– Иркилис белгилерин де… дурыс қояман.

– Ҳм! …  – деп албырады жигит – Бирақ әдет бул мағлыўмат дегени емес. Тек ғана иркилис белгилерин дурыс қоясыз …бул жеткиликли емес, мырза! Саналы түрде қойыўыңыз керек! Сиз үтир қойдыңыз ҳәм оны не ушын қойғаныңызды билиўиңиз керек… сондай, мырза! Сизиң бул аңсызлығыңыз … рефлексли түрде дурыс жазыўыңыз бир тыйынға арзымайды. Бул машиналық өнимдей гәп… басқа ҳеш нәрсе емес.

Перекладин үндемей қалды ҳәм ҳәтте мүләйиымлық пенен күлимсиреп қойды, (жигит ҳүкимет мәслаҳәтшисиниң баласы ҳәм өзи 10-класс дәрежесине ие еди), бирақ, мине, енди уйықларда оның ғәзеби қайнады.

«Қырық жыл хызмет еттим, – деп ойлады ол, – ҳәм ҳешким мени ақмақ демеди, мине, енди, қандай да бир мурныбоқ сыншылар табылды! Ақмақ! Санасыз!.. Лефректор! Машина емиш… Оҳ, сен, атаңа нәлет! Мен сениң университетиңде оқымаған болсам да, сеннен улыўма, жақсырақ түсинемен!»

Перекладин көрпе астында жатып, қыялында билген барлық ғарғысларының барлығын жигиттиң адресине жоллап, тынышлана баслады.

«Билемен… түсинемен…» деп ойлады, үйықлап баратырып. «Мен үтир керек болған жерге қос ноқат қоймайман. … Түсинемен. Аңлайман. … Аўа… Әне, сондай, иним… Алдын мениң жасыма жетип, хызмет етип ал, кейин жасы үлкенлерди додаларсаң…»

Уйықлап атырған Перекладинниң жумық көзлери алдынан қара бултлар арасынан отлы үтир метеор сыяқлы ушып өтти. Оның изинен тағы биреўи… екиншиси…   үшиншиси… ҳәм көп узамай, оның көз алдындағы шексиз қараңғылықты ушып жүрген үтирлер тодасы иелеп алды.

«Мәселен, мине, мына үтирлерди алайық…», – деп ойлады Перекладин, – денеси босасып, уйқлап баратырып …  – «Мен оларды әп-әнедей түсинемен… Мен ҳәр бирине орын таба аламан … ҳәм саналы түрде қояман, қурыдан-қуры емес… Сынап көр… көресең… үтирлер түрли жерлерге қойылған, керекли жерге, керексиз жерге де… Гәп қаншелли қурамалы болса, соншелли көп үтир керек болады. Олар “қайсы” дан алдын ҳәм “не” ден алдын қойылады. Егер қағазда ҳәмелдарлардың дизимин жазсақ, олардың ҳәр бири үтир менен ажыратылыўы керек… Билемен!»

Алтын үтирлер айланып, ушып кетти. Орнына жалынлы ноқатлар пайда болды…

“Ал, ноқат қағаздың ақырына қойылады… Иркилгенде ҳәм тыңлаўшыға қараў керек болған орында да ноқат бар. Хаткер оқып атырғанда түпириги шашырап кетпеўи ушын узын бөлеклерден кейин ноқат керек. Буннан тысқары ҳеш жерде ноқат қойылмайды ғой…”

Үтирлер қайтадан ушты… Олар ноқатлар менен араласып, айланып жүрипти ҳәм Перекладин ноқатлы үтир ҳәм қос ноқатты көреди…

«Буны да билемен… – деп ойлады ол, – үтир аз ҳәм ноқат көп болған орынға ноқатлы үтир қойылады. Мен мудамы «бирақ» ҳәм «сонлықтан» нан алдын ноқатлы үтир қояман… Ал, қос ноқат ҳаққында не деўим мүмкин?  «Қарар етиледи, қарар» сөзлеринен кейин қос ноқат қойылады».

Ноқатлы үтир ҳәм қос ноқат жоғалды. Гезек сораў белгисине келди. Олар бултлардан ойнап шықти.

«Әй көринбес: сораў белгиси! Мыңы болса да, орын таба аламан. Олар бәрҳа сораў керек болғанда ямаса, айтайық, қағазда сораў ушын қойылады… «Пәлен жылғы қалдық суммалар қай жерге жумсалған?» ямаса Полиция басқармасы сол Иванов ҳәм басқаларды табар ма екен? … ҳәм соған усаған…».

Сораў белгилери илмеклеры менен мақуллап бас ийзеди ҳәм бир демде тап буйрық бойынша созылып, үндеў белгисине айланды…

«Ҳм!.. Бул иркилис белгиси хатларда көп қолланылады. «Әзиз мырзам!» ямаса «Мырзалар, әкем ҳәм қайырқомым!..». Бирақ қағазда ше?

Үндеў белгилери және де созылып, ынтықлық пенен тоқтап қалды…

«Оларды қағазда қоямыз, егер… биз… ана… қандай еди? Ҳм!.. Улыўма алғанда, ол қашан, қай жерде қойылатуғын еди? Тоқта… Қудай-ай, алла сабыр берсин… Ҳм!..”

Перекладин көзин ашып, басқа тәрепке аўдарылды. Бирақ ол көзлерин жумып үлгермей, қөз алдындағы қаранғылықта үндеў белгилери және пайда болды.

«Тандыры шықсын… Қашан қойыў керек еди? — ойлады ол шақырылмаған қонақларды көз алдынан қуўып атырып… – Íрастан да умыттым ба не? Умыттым… ямаса… мен оларды ҳешқашан қоймағанман…»

Перекладин қырық жыллық хызмети даўамында жазған барлық қағазларының мазмунын еслей баслады: лекин маңлайын жыйырып, қанша ойламасын, өткен өмиринен бирде-бир үндеў белгисин таба алмады.

«Ҳайранман! Бул қалай?! Қырық жыл жазыў жазып… ҳешқашан үндеў белгисин қоймаппан… Ҳм!… Сонда бул нәлетий собылық қашан қөйылатуғын еди…?”

Отлы үндеўлер арасынан жас жигиттиң мысқыллы бет-әлпети елеслеп кетти. Белгилер де күлимсиреп, бир үлкен үндеў белгисине бирлести.

Перекладин басын силкип, көзлерин ашты.

«Атаңа нәлет…, – деп ойлады ол. Ертең мен сыйыныўға турыўым керек, лекин мен бул шайтанды басымнан шығарып таслай алмай атырман… Паҳ! Бирақ… қай жерге қойылады? Әне, саған әдет! Қырық жыл ишинде ҳешқандай, бирде-бир үндеў белгиси жоқ! Жоқ!”

Перекладин шоқынды ҳәм көзлерин жумас сала қайттан ашты. Көз алдындағы қараңғылықта үлкен белги елеге шекем турған еди…

«Уф! Ал, түни менен уйықларсаң енди…»

– Марфуша! – деди ол мектеп-интернатта оқығанын айтып тез-тез мақтанып туратуғын ҳаялына қарап. – Әзийзим, үндеў белгиси қай жерде, қашан қойылады, билесең бе?

– Билгенде қандай! Жети жыл мектеп-интернатта бийкар оқығаным жоқ.  Барлық грамматиканы ядтан билемен. Бул белги қаратыў ушын, таңланыў, қуўаныў, ғәзеплениў ҳәм басқа сезимлерди аңлатыўда қолланылады.

«Демек…, – деп ойлады Перекладин, – таңланыў, қуўаныў, ашыўланыў ҳәм басқа сезимлер…»

Колледж хаткери ойланып қалды… Қырық жыл даўамында қағаз бенен иследи, мыңлаған, он мыңлағанын жазды, бирақ таңланыў, ғәзеплениў ямаса соған усаған сезимди аңлататуғын қандай да бир қатар сөзди еслей алмады…

“Және басқа сезимлер…, – деп ойлады ол. «– Ҳаў, сезимлерди қағазда жазыў керек пе өзи? Сезимсиз де жазыўға болады…»

Отлы белги артынан жас жигиттиң мазақлап күлген жүзи көринип кетти.

Перекладин төсегинен турып отырды. Басы аўырды, маңлайынан муздай тер шықты… Мүйеште өлимсиреп жанып турған шырадан мебел жылтырап коъринди, ҳаялының жыллы қолына тийип кетти, бырақ бийшара хаткер өзин тоңғандай сезди, тап сүзек пенен кеселленген сыяқлы…

Үндеў белгиси енди оның жумық көзлеринде емес, оның қарсы алдында, бөлмеде, еди ҳәм оған күлип көз қысып қойды…

“Жазыў машинасы! Машина! — сыбырлады елес ҳәмелдарға суўықты үплеп.

– Сезимсиз ағаш!”

Ҳәмелдар өзин көрпе менен жаўды, лекин көрпе астында да елести көрди, бетин ҳаялының ийнине қойды. Ҳаялының ийнинен де тап сол елес шықты… Бийшара Перекладинниң түни бойы азап шеккени аздай, елес оны күндиз де тынышына қоймады. Ол ббарлық жерде үндеў белгисин көре берди: шай тарелкасында, Станиславта…

“Ҳәм басқа сезимлер…, – деп ойлады ол. – Дурыс, сезимлер жоқ … Мен ҳәзир ҳүкиметке қол қойыў ушын баратырман… буның ушын сезимлер керек пе?  Яқ, керек емес… Қутлықлаў машинасы…”

Перекладин көшеге шығып, арбакешти шақырғанда, оған арбакеш те үндеў белгиси болып көринди.

Баслықтың алдындағы бөлмеде де ол ис жүргизиўшини емес, тап сол белгини көрди… Олардың барлығы таңланыў, түсиниксизлик, ғәзеп сезимлери туўралы айтар еди. Пәрли қәлем де үндеў белгисине уқсайтуғын еди. Перекладин оны алып, қәлемди сыяға батырып, қол қойды:

«Коллегия хаткери Ефим Перекладин!!!»

Бул уш белгини қойып, ол таңланды, қуўанды, ғәзепленди, қаны қайнады.

– Мә, саған! Мә, саған! – деп гүбирленди ол қәлемды басып.

Отлы белги кеўли толғандай, көзден ғайып болды.

Орыс тилинен аўдарған:

Калбаев Арысланбек Нөкис

қаласындағы Президент мектебиниң

11-класс оқыўшысы

Қарақалпақстан хабар агентлиги