Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрли баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына бола, питкериўшилердиң өзиниң тараўына сәйкес бакалавриат билимлендириў бағдарларының дизими тастыйықланды.

Усы дизим арқалы техникум питкериўшилери жоқары оқыў орынларының қайсы бакалавриат билимлендириў бағдарларында оқыўын даўам еттириўи мүмкин екенин билиў мүмкин.

Мағлыўмат ушын, 2022-2023-оқыў жылына қабыллаўдан баслап техникумларда орта арнаўлы профессионал билимлендириў бағдарларын табыслы тамамлаған питкериўшилер сәйкес бакалавриат тәлим бағдары  бойынша кириў имтиханларысыз жеке тәртиптеги сәўбетлесиў арқалы жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2-курстан оқыўын даўам еттириў ҳуқықына ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги