Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицианасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Миллий кийимлер қызлардың гөззаллығы менен өз көринисин табады» атамасында таңлаў болып өтти.

Нөкис қаласындағы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйыны менен биргеликте өткерилген таңлаўға филиалдың биринши курс студент-қызлары қатнасты.

Атап өтилгениндей, жаслар арасында миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, миллий мәдениятты кеңнен үгит-нәсиятлаўда бундай таңлаўлар айрықша әҳмийетке ийе. Илажды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет мине усыннан ибарат.

Қатнасыўшылар биринши шәртте қарақалпақ, өзбек, қазақ, қырғыз, ҳинд, түркмен ҳәм корейс миллетлериниң миллий кийимлери көргизбесин көрсетти. Усы миллетлердиң өзине тән миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери ҳаққында слайд арқалы түсиник берди. Ҳәр бир миллеттиң кийимлеринде гөззаллық, миллийлик ҳәм арзыў-нийетлердиң өзине тән тәреплери айқын көзге тасланады. Екинши шәртте болса, ҳәр бир қатнасыўшы өзлери таңлаған миллет ўәкиллериниң көринисинде сахнаға шығып, миллий қосық ҳәм аяқ ойынларын шеберлик пенен атқарды. Төрешилер қурамы олардың ҳәр бир шығыўын баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағында зооинженерия тәлим бағдарының студенти И.Турсынбаева биринши орынды ийелеп, жеңимпаз болды. Екинши орынды ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси тәлим бағдарының студенти А.Сагинова, үшинши орынды ветеринария-санитария экспертизасы тәлим бағдарының студенти Г.Бердиева қолға киргизди.

Жеңимпаз ҳәм қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы