Бүгин, 27-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили, белгили жазыўшы, шайыр ҳәм дилмаш Узақбай Пиржановтың 85 жыллығына арналған «Сөзим халық аўзында қалса қайылман» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияны институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Илажға Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Кәримов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары, белгили жазыўшылар Нуралы Қабул ҳәм Собир Умар, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, белгили дилмаш К.Реймов, белгили шайыр Ш.Аяпов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Султанов, У.Пиржановтың қызы Лира Пиржанова, сондай-ақ, басқа да әдебиятқа жаны қумар дөретиўшилер, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.
Талантлы шайыр, жазыўшы ҳәм дилмаш Узақбай Пиржанов 1937-жыл Бозатаў районы «Еркиндәрья» хожалығында дүньяға келген. Ол Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты) тарийх-филология факультетинде оқыған. 1976-жылдан баслап бурынғы Аўқам Жазыўшылар аўқамының ағзасы болған. Ол мийнет жолы даўамында «Әмиўдәрья» журналы, «Қарақалпақстан» баспасы ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында жетекши редактор лаўазымларында жумыс иследи.
Дөретиўшиниң поэзиялық ҳәм прозалық шығармалары «Муҳаббат қосығы», «Сүўрет», «Онда бәҳәр еди», «Гүзги жапырақлар», «Қарда қалған излер», «Қызыл кендирдиң гүллери», «Ақтал астындағы ақшам», «Апрельдиң соңғы ақшамы» ҳәм т.б. атамаларда китап болып баспадан шыққан. Оның дөретпелери рус, грузин, әзербайжан, түрк, қазақ, қырғыз, татар, башқурт, қумық, дарғын, авар тиллерине аўдарылды.
Узақбай Пиржанов қарақалпақ әдебиятында шебер дилмаш сыпатында өз орнына ийе болып, «Әмир Темурдың бийликлери», «Түрклер шежиреси», Шыңғыс Айтматовтың дерлик барлық дөретпелерин, соның менен бирге, Кришан Чандар, Станислав Ежи Лец, Михаил Булгаков, Михаил Зощенко, Григорий Бакланов, Юрий Леонтичев сыяқлы белгили дөретиўши тулғалардың шығармаларын қарақалпақ тилине шеберлик пенен аўдарған.
Жазыўшы өмирлик жолдасы, белгили шайыр Шийрин Халмуратова менен биргеликте өмир сүрип, дөретиўшилик етти. Биргеликте бес перзентти дүньяға келтирип, балаларын кәмалға келтирди.
Конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов «Узақбай Пиржановтың дөретиўшилигинде көптүрлилик ҳәм көркемлик көринислери», педагогика илимлериниң кандидаты, доцент А.Пазылов «У.Пиржанов прозасында тәлим-тәрбия мәселелериниң көркем сәўлелениўи», Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ әдебияты кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Ж.Сагидуллаева «У.Пиржанов повестьлеринде стильлик изленислер» атамаларында баянатлар жасады.
Сондай-ақ, илаж даўамында мийманлар ҳәм басқалар сөзге шығып, Узақбай Пиржанов дөретиўшилигиниң өзине тән өзгешеликлери, аўдармашылықтағы жетискенликлери, өмири ҳаққында мағлыўматлар берди.
Илаж Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери, институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлердиң концерт бағдарламасы, У.Пиржанов дөретиўшилигине арналған поэзиялық көркем бөлим менен даўам етти.
Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.