Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен республикамыз аймағында жер ресурслары талан–тараж етилиўиниң алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, пуқара Т.Т. арза менен мүрәжат етип, онда К.Ж. Төрткүл районы «Уллыбағ» аўыл пуқаралар жыйынында жумыс алып барыўшы жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы арқалы, усы жәмийетке тийисли 6 сотых жер майданын 2600 АҚШ долларына алып бериўди ўәде етип, пул талап еткенин билдирген.
Оның арзасына муўапық өткерилген оператив илаж даўамында К.Ж. арза ийеси Т.Т.дан талап етилген 2600 АҚШ долларын «Уллыбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бағжап» каналының көпири жанында алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги