Ҳәзирги күнде 580 жаңа жойбар ислеп шығылған болып, кредитлер қысқа мүддетке берилиўи себепли оларды әмелге асырыў кешигип атыр. Усы мүнәсибет пенен:
– министрликке жойбарларды иске қосып, лизинг тийкарында сатыў ўәкиллиги бериледи.
– Бағшылық агентлигине 1-майға шекем 20 миллион доллар, нәтийжеге қарап, жыл ақырына шекем және 45 миллион доллар ажыратылады;
– оның есабынан усы жылы 6 ўәлаятта 18 мың гектарда интенсив бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылып, исбилерменлерге кеминде 7 жыл мүддетке лизингке бериледи.
– 1-майдан бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў ушын исбилерменлерге кеминде 10 жыл мүддетке ажыратылады;
– жылдың ақырына шекем жеке меншик сектор менен бирге жәми 115 мың тонналық 17 киши агрологистика орайы иске қосылады. Олар «таяр ҳалда» 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кеминде 10 жылға лизинг тийкарында сатылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги