Ҳүрметли фестиваль қатнасыўшылары!

Қәдирли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Ҳүрметли көркем өнер ықласбентлери!

Бәринен бурын, сиз, әзийзлерди ески Хорезм жеринде биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған ири көркем өнер ҳәм гөззаллық байрамы – «Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалының ашылыўы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметимди билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине де қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекстанға хош келдиңиз, әзийз мийманлар!

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Бизге белгили, ҳәр бир халық өзиниң көп әсирлер даўамында қәлиплесип, жетилисип, әўладтан-әўладқа өтип киятырған мәдений мийрасы менен орынлы түрде мақтаныш етеди. Усы мәнисте, үлкен руўхый байлығымыз есапланатуғын бай ҳәм рәң бәрең өзбек аяқ ойыны көркем өнери халқымызға тән нәзиклик ҳәм гөззаллық, ийгиликли арзыў-нийетлерин жарқын жәмлегени менен үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Миллий аяқ ойыны көркем өнеримиз тарийхында айрықша орын ийелейтуғын, атап өтиў керек болса, оның гүлтажы болған «Ләзги» аяқ ойыны өзиниң терең турмыслық философиясы, бийтәкирар усылы ҳәм тартымлылығы менен тек ғана елимизде емес, ал сырт мәмлекетлерде де кеңнен танылған.

Мағлыўматларға қарағанда, халқымыздың көркем шеберлик пенен жаратылған бул көркем өнер ажайыбаты үш мың жыллық раўажланыў жолын басып өткен. Оның пайда болыўы ҳаққында ҳәр қыйлы әпсана ҳәм рәўиятлар бар екенлиги де соннан дәрек береди.

Неше жүз жыллар даўамында халқымыздың эстетикалық уғымы, дәстүр ҳәм қәдириятлары менен үнлес тәризде «Ләзги» аяқ ойынының бир неше бағдар ҳәм түрлери пайда болып, ол жетик көркем өнерине, бир пүтин хореографиялық композицияға айланған.

«Ләзги» аяқ ойыны өзиниң шексиз сыйқыры, тартымлылығы ҳәм өзгешелиги менен дүнья сахналарын да ийелеп, түрли миллет ҳәм халықларды бирлестириўши тәсиршең көркем өнер қуралларының бири сыпатында барған сайын тартымлы болып бармақта. ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен 2019-жыл 12-декабрьде Хорезм «Ләзги» аяқ ойыны Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилгени де буны тастыйықлайды.

Соңғы жылларда Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнердиң барлық тараўлары қатарында миллий аяқ ойыны көркем өнер түрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм бул бағдардағы дөретиўшилик мектеплерге тән болған сийрек ушырасатуғын дәстүрлерди избе-из даўам еттириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте, 2020-жылы қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Миллий аяқ ойыны көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «Миллий аяқ ойыны көркем өнери тараўында жоқары маман кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм илимий потенциалды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарлар бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды.

Бул ҳаққында сөз еткенде, өз дәўиринде пүткил дүнья жүзи өзбек миллий аяқ ойыны көркем өнериниң рәмзи сыпатында атаққа ерискен Мукаррама Турғунбоева атындағы «Бәҳәр» аяқ ойыны ансамблиниң қайта шөлкемлестирилиўи мәдений турмысымызда үлкен ўақыя болғанын айрықша атап өтиў керек.

Өзбекстанда миллий аяқ ойыны көркем өнери, атап айтқанда, «Ләзги» аяқ ойынының дүнья мәдениятында тутқан орнын илимий жақтан терең үйрениў, оның шебер аяқ ойыншыларын таярлаў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте, елимизде Хореография академиясы дүзилип, бул сийрек ушырасатуғын көркем өнер орнының жумысы пүткиллей жаңаша тәризде шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, аяқ ойыны көркем өнери бағдарында үзликсиз билимлендириў системасы енгизилип, барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде хореография көркем өнеринен сабақ бериў жолға қойылмақта. Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде аяқ ойыны классларының саны көбейтилгени, Республикалық хореографияға қәнигелестирилген мектеп-интернатының шөлкемлестирилгени де бул тараўда жаңа талантларды жүзеге шығарыў ҳәм тәрбиялаўда имканият жаратып бермекте.

Елимизде көп жыллардан берли нәтийжели жумыс алып барып атырған белгили «Ләзги» қосық ҳәм аяқ ойыны ансамблин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм көркем өнер ғайраткерлерине зәрүр шараятлар жаратып бериў мәселесине де айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Әсиресе, өткен жылы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында германиялы көркем өнер ғайраткерлери менен дөретиўшилик бирге ислесиўде сахналастырылған балет-спекталь арқалы «Ләзги» аяқ ойынының ески тарийхы ҳәм тартымлылығы гөззал көркемлик жақтан ашып берилди. Бул шығарма тек ғана мәмлекетимиз тамашагөйлери емес, ал сырт елли көркем өнер ықласбентлери тәрепинен де үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынбақта.

Быйылғы жылдан баслап Хийўа қаласында ҳәр еки жылда бир мәрте «Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалының өткерилиўи усы сийрек гезлесетуғын көркем өнер түрин қәстерлеп-сақлаў ҳәм ҳәр тәреплеме үгит-нәсиятлаў, усы тәризде халықаралық мәдений байланысларымызды және де кеңейтиў бағдарында үлкен имканият жарататуғыны сөзсиз.

Бүгин салтанатлы тәризде ашылып атырған бул фестивальға 30 мәмлекеттен 175 тен аслам аяқ ойыны көркем өнер шеберлери, профессионал аяқ ойыны топарлары, көркем өнертаныўшы илимпазлар, мәденият тараўының белгили ғайраткерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң келгени де елимизге ҳәм көркем өнеримизге болған қызығыўшылығы қай дәрежеде  жоқары екенин көрсетип тур.

Миллий аяқ ойыны көркем өнеримиздиң тарийхын, оның өзине тән өзгешеликлерин тереңирек үйрениў ҳәм жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгинги күнде әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.

Фестиваль шеңберинде шөлкемлестирилген «Өзбек миллий аяқ ойынының дүнья аяқ ойыны көркем өнериндеги орны» халықаралық илимий-әмелий конференциясы да бул бағдарда айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Пурсаттан пайдаланып, конференция жумысына табыслар тилеймен.

Қәдирли фестиваль қатнасыўшылары!

Бүгин ески ҳәм уллы Хийўа қаласында сизлердиң қатнасыўыңызда ийгиликли арзыў-нийетлер менен басланып атырған «Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалы келешекте дүнья жүзиндеги абырайлы көркем өнер форумлар қатарынан беккем орын ийелейди, деп исенемен.

Мине, усы жолда бәршеңизге беккем денсаўлық, дөретиўшилик табыслар ҳәм жаңа жетискенликлер яр болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти