Пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекеттеги миллий статистиканың зәрүрли бөлеги есапланады. Бундай мағлыўматлар арнаўлы бир ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқалы топланады. Олар тек-ғана бир мәмлкеттиң емес, ал Жер жүзи халқының саны, социаллық жағдайы, дәраматлары сыяқлы бир қанша зәрүрли информацияларды есаплап барыўға хызмет етеди.

БМШ дүнья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келетуғын бир қатар социаллық машқалалардың шешими ҳәм экономикалық пәттиң демографиялық көрсеткишлер менен пропорционал түрде өсип барыўын тәмийинлеў ушын ҳәр он жылда кеминде бир мәрте халықты дизимге алыў илажын өткериўди усыныс етеди.

Мәмлекетимизде дәслепки рет 2023-жылы 1-25-ноябрь күнлери  өткерилиўи нәзерде тутылған, халықты дизимге алыў илажына ҳәзирги ўақытта қызғын таярлықлар көрилмекте.

  • Бул илаждың өткерилиўинен бәршемиз, сиясий көзқарасымыз және социаллық позициямызға қарамастан, бирдей мәпдармыз,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлими баслығы Исламбек Нажимов. – Усы үлкен социаллық илаж арқалы, биринши гезекте, жәми халықтың саны, пуқаралығы, неке жағдайы, пуқаралардың билим дәрежеси, жасаў ушын дәрамат дәреклери, хожалығының жасаў шараятлары сыяқлы бир қанша көрсеткишлер бойынша бүгинги күнде жеткиликли болмаған мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи.

Қала, мәҳәлле ҳәм аўыллардың саны ҳәм олардың шегаралары, турақ жайлар саны, олардағы ҳәзирги әмелдеги шараят ҳаққындағы мағлыўматларға анықлық киргизиледи.

Халықты дизимге алыў илажына қатнасып атырған ҳәр бир пуқара өзи ҳаққындағы мағлыўматларды усыныс ете отырып, өзлери тийисли болған адамлардың топарына тийисли социаллық программаларды ислеп шығыўда қатнасады.

Мысал ушын, жумыссызлардың сораўнамадағы жуўаплары мийнет базарын үйрениў, атап айтқанда, керекли орында жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын берсе, балалар саны ҳаққындағы мағлыўматлар мектеп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм сол сыяқлы дәргайлардың қурылыс жобаларын дүзиўде қол келеди. Жасы ҳаққындағы мағлыўматлар пенсияға шығыўшылардың саны, олардың пенсиясын төлеў ушын зәрүр болатуғын қаржыларды жәмлеп барыў имканиятын береди. Мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билим бериў мектеплери ямаса жоқары билимлендириўге қабыл етилетуғын жаслар ҳаққындағы мағлыўматлар да тап сондай қәлиплеседи. Жасаў орны туўралы таярланған мағлыўматлар болса, ҳәр биримиздиң үйимизге шекем келетуғын жоллардың қурылысы, коммуникациялар менен тәмийинлеўди жойбарлаў ушын зәрүр.

Бул жумысларды орынлаў мақсетинде орынларда арнаўлы топарлар дүзилген болып, процесслер анық ҳәм системалы жолға қойылады. Дизимге алыўшылардың жумысын муўапықластырыў ушын ҳәр бир участкада 5  инструктор ҳәм 5 стационар дизимге алыўшы жумыс алып барады. Олардың  жумысын дизимге алыў участкасының хызметкерлери қадағалайды. Жасап турған хожалығында (жайында) дизимнен өтиўди қәлемеген респондентлер стационар участкалары арқалы дизимнен өтиў мүмкиншилигине ийе болады.

Район ҳәм қала көлеминдеги жумысларды бақлаў ушын аймақларда халықты дизимге алыў бөлимлериниң жумысы жолға қойылады. Процесс жуўмақланғаннан кейин аймақлық статистика басқармалары жанында халықты дизимге алыўдың басланғыш мағлыўматларын электрон базаға киргизиў орайлары шөлкемлестириледи. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул илажлар арқалы тек-ғана өзимиз емес, ал келешек әўлад ушын зәрүрли мағлыўматларды топлаўға ерисемиз.

Халықты дизимге алыў нәтийжелери мәмлекетимиздиң кейинги демографиялық және социаллық сиясатын белгилеў менен бирге, республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў прогнозларын менен программаларын дүзиўде кең қолланылады. Мәмлекеттеги жумыс беретуғынлар ҳаққында дизимге алыў нәтийжесинде қәлиплестиретуғын мағлыўматлар жеке исбилерменликти раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге жол ашады. Бизнес ўәкиллерин дизимге алыў мағлыўматлары арқалы мийнет ҳәм тутыныў базарының жағдайын баҳалаў, талап ҳәм усыныслар зәрүрлигин анықлаў мүмкиншилигине ийе болады.

Бир сөз бенен айтқанда, халық ҳаққында топланатуғын мағлыўматлар барлық тараўларды раўажландырып, дүньяда Жаңа Өзбекстанның ҳәм Қарақалпақстанның жаңаша көз-қарасын сәўлелендириўши фактор болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги